Ашылыў мәресиминде Халықаралық қылышласыў федерациясы (FIE),
Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети,
сондай-ақ, Халықаралық қылышласыў федерациясы аймақлық конфедерацияларының
басшылары ҳәм жуўапкерлери қатнасты.
Конгресс шеңберинде қылышласыўды халықаралық көлемде раўажландырыў,
жарысларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын шараятларды жетилистириў, төрешилик,
тренерлерди таярлаў, жаслар арасында қылышласыўды ғалаба ен жайдырыў,
халықаралық спорт бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелери көрип шығылмақта.
Келеси жылы
Ташкентте өткерилиўи режелестирилген ересеклер арасындағы жәҳән чемпионатына
таярлық жумысларына айрықша итибар қаратылады.
Конгресс
қатнасыўшылары тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм басламалар қылышласыўды буннан
былай да раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм спортшылардың
жаңа әўладын қоллап-қуўатлаўға қаратылады.