Үш күн даўам еткен жарыста Синдаров дүньяның жетекши гроссмейстерлери — Ҳикару Накамура, Фабиано Каруана ҳәм Прагнанандхаға қарсы гүрес алып барды.
Жавоҳир Синдаров турнирди жәми 20,5 очко менен жуўмақлап, биринши орынды ийеледи.
Жарыстың улыўма сыйлық қоры 425 мың долларды қурады. Жеңимпаз сыпатында Синдаров 125 мың доллар тийкарғы сыйлыққа ийе болды. Сондай-ақ, ол партиялардағы жеңислери ушын белгиленген пул бонуслары ҳәм чемпионға аталған қосымша jackpot сыйлығын да қолға киргизди.
Бул Жавоҳир Синдаровтың жәҳән чемпионы Гукеш Доммаражу менен өткеретуғын шахмат бойынша жәҳән чемпионаты ойыны алдынан қатнасқан соңғы турнири болды.