Бул грант Уллы Британия ҳәм Өзбекстан арасындағы социаллық бирге ислесиўди және де беккемлеў, билимлендириў тараўындағы халықаралық байланысларды раўажландырыў, жаслардың заманагөй билим ҳәм кәсиплик көнликпелерди ийелеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыўға қаратылған.

Усынылған электрон доскалар Жиззақ қаласындағы 3-санлы техникум, Жәмийетлик саламатлық техникумы ҳәм Фориш районындағы техникумға оқыў ҳәм кәсип-өнер үйрениў процесслеринде пайдаланыў ушын саўға етилди.

Заманагөй электрон доскалардан теориялық ҳәм әмелий сабақларды шөлкемлестириў, мультимедиа материалларынан пайдаланыў, презентациялар өткериў ҳәм оқыў процесин интерактив түрде алып барыўда кеңнен пайдаланыў нәзерде тутылған.

Бул ҳәрекетлер билим алыўшылардың сабақларға қызығыўшылығын арттырыў, мәлимлемени қабыл етиў ҳәм өзлестириў процесин және де нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде заманагөй технологияларды оқыў процесине кеңнен енгизиў жасларды мийнет базарының талапларына сәйкес билим ҳәм көнликпелер менен тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе.