8-октябрь күни мәмлекетимиз басшысы "Аваза" миллий туристлик зонасында Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының сегизинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасты. Президентимиз санаат кооперациясын раўажландырыў, транспорт байланыслылығын беккемлеў ҳәм жаңа технологияларды енгизиў, энергетика, суў ресурслары ҳәм экология мәселелерин биргеликте шешиў бойынша усынысларды алға қойды. Ушырасыў жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди ҳәм көп тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.
Саммит шеңберинде Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен сөйлесиўлер өткерилди. Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны сөйлесиўлердиң әҳмийетли нәтийжеси болды. Мәмлекетимиз басшысы Армения Бас министри Никол Пашинян менен де ушырасты ҳәм ҒМДА мәмлекетлери делегацияларының басшылары менен биргеликте Миллий тағамлар фестивалына барды.
9-октябрь күни Президентимиз ҒМДА мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде саўда ҳәм санаат бирге ислесиўин кеңейтиў, транспорт байланысларын раўажландырыў, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин беккемлеў және кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша усынысларды алға қойды. Мәмлекетимиз жетекшиси саммиттиң кеңейтилген мәжилисинде Өзбекстанның 2027-жылда ҒМДАға басшылығының тийкарғы бағдарларын билдирди. Саммит жуўмағында ҳүжжетлер топламына қол қойылды.
Илажлар жуўмақланғаннан соң, Түркменбашы қаласы аэропортында Өзбекстан Президентин Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Ботир Аннаев ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.