Ҳаўаның температурасы тийкарынан 18-21 дәреже, арқа ҳәм қубла аймақларда болса 23-26 дәреже болады.

Шийшемби күни Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында, сондай-ақ, түнде ҳәм азанда Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын жаўыўы сақланып турады.

14-16-октябрь күнлери республиканың барлық аймақларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Күндизги ҳаўа температурасы 22-25 дәреже, қублада болса 27-30 дәреже болады. Самалдың тезлиги секундына 7-12 метрди қурайды.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. 12-13-октябрь күнлери жаўын-шашын күшли болыўы мүмкин. Бәлент таўларда жаўын ҳәм қар жаўыўы бақланады.

12-октябрь күни таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел ҳәм суў тасқыны ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Ташкент қаласында 12-октябрь күни күндиз ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы 19-21 дәреже ыссы болады.

13-16-октябрь күнлери жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 12-15 градус, күндиз 22-25 градус жыллы болады.

Самалдың бағыты шығыстан секундына 3-8 метр тезликте еседи.