Мәмлекетимиз басшысы буннан үш жыл алдын усы ўәлаятқа сапары ўақтында аэропортты
модернизациялаў бойынша тапсырмалар берген еди. Сондай-ақ, өткен жылғы сапары
ўақтында реконструкция жумысларының барысы менен жеке танысқан еди.
Аэропорт 1978-жылы иске қосылған болып, 2013-жылы халықаралық статусқа ийе
болған. Улыўма майданы 243,4 гектар болған объектте 100 жумысшы-хызметкер
мийнет етпекте. Ўақыттың өтиўи менен ҳаўа портын заман талапларына
бейимлестириў, жолаўшылар ушын қолайлық дәрежесин арттырыў ҳәм пәрўазлар
географиясын кеңейтиў зәрүрлиги пайда болды.
Аэродром
комплексин реконструкциялаў жойбарының улыўма баҳасы 1,1 триллион сумды
қурайды. Биринши басқышта аэропорт инфраструктурасы толық жаңаланды. Ушыў-қоныў
жолы 3,3 километрге шекем узайтылды, кеңлиги 60 метр болған, 4Е категориясына
сәйкес келетуғын жаңа жол қурылды. Буннан тысқары, 10 самолётқа мөлшерленген
басқарыў жоллары ҳәм тоқтаў орынлары қурылды.
Қурылыс сапасына
ҳәм объекттиң узақ мүддет пайдаланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.
Ушыў-қоныў жолына 50 жылға шекем хызмет етиў мүддетине мөлшерленген беккем
цемент-бетон қаплама төселген. Германияда ислеп шығарылған жоқары анықлықтағы
жақтыландырыў-сигнал системасы орнатылған. Бул аэропортқа түнги ўақытта ҳәм
қойыў думан шараятында ҳаўа кемелерин қәўипсиз қабыл етиў имканиятын береди.
Көриў аралығы 300 метрге шекем кемейгенде де самолётлардың қоныўы мүмкин. Енди аэропорт
ҳеш қандай шеклеўлерсиз кең фюзеляжлы үлкен ҳаўа кемелерин қабыллаў имканиятына
ийе.
Ҳәзирги ўақытта
реконструкцияның екинши басқышы даўам етпекте. Оның шеңберинде улыўма майданы
19 мың 685 квадрат метр болған еки қабатлы заманагөй терминал имараты
қурылмақта. Аэропорт алдын саатына 200 жолаўшыға шекем хызмет көрсеткен болса,
жаңа терминал иске қосылғаннан соң бул көрсеткиш 5 есеге артады. Аэропорт
аймағында жоқары тезликтеги Wi-Fi тармағы ҳәм интеллектуаллық хызметлер жолға
қойылады.
Мәмлекетимиз басшысына аэропортты раўажландырыў концепциясы таныстырылды. Президент заманагөй терминал имаратын өз ўақтында ҳәм сапалы қурып питкериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Ҳәзирги ўақытта
Әндижан халықаралық аэропорты арқалы 7 авиакомпанияның жергиликли ҳәм
халықаралық жөнелислерде турақлы пәрўазлары әмелге асырылмақта. Келешекте
авиарейслердиң санын жылына 808 ден 2 мың 500 ге, аэропорттың өткериў
қуўатлылығын болса 3,5 миллион жолаўшыға жеткериў режелестирилген.
Әмелге асырылып
атырған жумыслар әндижанлылар ҳәм ўәлаят мийманлары ушын транспорт қолайлылығын
арттырыў, аймақтың экономикалық ҳәм туристлик потенциалын жүзеге шығарыўға
хызмет ететуғыны атап өтилди. Аэропорт жанында заманагөй сервис объектлерин
раўажландырыў, хызметлердиң сапасын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.