9-10-октябрь күнлери республика аймағында ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 25-27 градус болады. Қубла аймақлар ҳәм шөл зоналарының айырым жерлеринде температура 29-32 дәрежеге шекем көтериледи.

10-октябрь күни кеште республиканың батыс аймақларына ығал ҳаўа массалары кирип келе баслайды. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде жаўын жаўыўы мүмкин.

11-октябрь, екшемби күни ығал ҳаўа массалары мәмлекеттиң қалған аймақларына да тарқала баслайды. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында, күнниң екинши ярымында шөл аймақлары ҳәм республиканың қубласында, кеште болса орайлық аймақлардың айырым жерлеринде жаўын жаўыўы күтиледи.

Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпатында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланып турады. Көпшилик аймақларда жыллы ҳаўа-райы даўам етеди. Тек ғана республиканың арқа-батыс аймақларында ҳаўа температурасы 18-23 дәрежеге шекем төменлеўи күтилмекте.

Самал шығыстан өз бағытын өзгертип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

9-11-октябрь күнлери таўлы аймақлардың айырым жерлеринде жаўын жаўады. 11-октябрь күни таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў тасқыны ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Пайтахтта бүгин ҳәм дем алыс күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

Ҳаўаның температурасы түнде 13-15 градус, күндиз 25-27 градус болыўы күтиледи.