Инфографикада өндиристи роботластырыў дәрежеси ең жоқары болған 22 мәмлекет экономикасы келтирилген. Роботластырыў көрсеткиши 2024-жылы өндирис санаатының ҳәр 10 000 жумысшысына туўра келетуғын әмелдеги санаат роботларының саны болып табылады. Мағлыўматлар Халықаралық робототехника федерациясы (IFR) тәрепинен 2026-жыл апрель айында жәрияланған. Қубла Корея ҳәм Сингапур рейтингте атап өтилген мәмлекетлерден сезилерли дәрежеде алдында. Еки экономикада да жоқары дәрежедеги автоматластырыў санаат секторындағы жумысшылар санының салыстырмалы азлығы менен бирге келеди.
Қубла Кореяда өндирис санаатындағы ҳәр 10 000 жумысшыға 1220 робот туўра келеди, бул дүньядағы орташа 132 роботтан тоғыз есе көп. Сингапурда бул көрсеткиш 818 ди қурайды, бул үшинши орынды ийелеген Германия нәтийжесинен (449) дерлик еки есеге көп, деп хабар берди “naked-science.ru”.
Қубла Корея дүньяға белгили электроника санааты ҳәм ири автомобиль санаатына ийе. Әйне усы еки тараў дүньядағы санаат роботларының ең ири тутыныўшылары есапланады: 2024-жылы олар жәми жаңа қурылмалардың дерлик ярымын қураған. Автоматластырыўды хошаметлеўши қосымша фактор демографиялық жағдай болып есапланады. 2025-жылы Қубла Кореяда туўылыўдың улыўма дәрежеси ҳәр бир ҳаялға 0,75 баланы қурады ҳәм бул дүньядағы ең төмен көрсеткишлерден бири есапланады. Нәтийжеде ислеп шығарыўшылар бар жумысшы күшиниң қысқарыўына дус келеди.
Өндирис санаатында ислеўшилер саны салыстырмалы аз болған киши мәмлекет — Сингапурда да тап усындай жағдай жүзеге келмекте. Бул жерде туўылыў коэффициенти де ҳәр бир ҳаялға туўра келетуғын бир баладан төмен болып, 0,96 ди қурайды.
Қытай болса буның керисин көрсетпекте. 2024-жылы мәмлекетте еки миллионға шамалас санаат роботлары қолланылған – бул пүткил дүнья паркиниң шама менен 43 процентин қурайды. Бирақ, өндирис санаатында ислеўшилер саны жүдә көп болғанлығы себепли, ҳәр 10 000 хызметкерге тек 166 робот туўра келген.
Санаат роботлары тығызлығы ең жоқары болған экономикалар рейтингинде Европа мәмлекетлери 22 орыннан 15-орынды ийелейди. Бул көп тәреплеме раўажланған автомобиль санааты менен байланыслы.
Әсиресе, бул байланыслылық Орайлық Европада анық көзге тасланады. Бул жерде төрт рейтинг мәмлекети бар: Словения – ҳәр 10 000 жумысшыға 315 робот, Чехия – 216, Словакия – 210 ҳәм Венгрия – 172.
Халықаралық автомобиль ислеп шығарыўшылар шөлкеми (OICA) мағлыўматларына бола, 2024-жылы Словакия ҳәр 1000 халыққа 183 автомобиль ислеп шығарған. Бул дүньядағы ең жоқары көрсеткиш болып, Германиядағы 51 автомобильдиң үш есесине көп.
“Škoda Auto” штаб-квартирасы ҳәм өндирис қуўатлықлары, сондай-ақ, “Hyundai” ҳәм “Toyota” заводлары жайласқан Чехияда 2024-жылы ҳәр 1000 халыққа 134 автомобиль ислеп шығарылған.