Музлы аспан денелериниң Нептун орбитасы артындағы қозғалысын моделлестирип шыққан халықаралық астрономлар топары усындай жуўмаққа келди, деп жазбақта “new-science.ru”
Болжанып атырған объект “Planet X2” (PX2) атын алды. Оның гравитациялық тәсири бир қатар транснептун объектлериниң әдеттегидей емес орбиталарын түсиндириўге уқыплы болып, бул орбиталарды белгили болған сегиз планетаға ийе модельлерде тәкирарлаў қыйын.
Изертлеўди Японияның Киндай университети, Австралияның Қубла Квинсленд университети ҳәм АҚШтағы Вашингтон университетиниң қәнигелери Патрик Ликавки басшылығында алып барды. Илимпазлар Қуяш системасы эволюциясының 4,5 миллиард жыллық компьютер модельлерин жаратты ҳәм гигант планеталардың гравитациясы киши муз денелериниң қозғалысына қандай тәсир еткенлигин бақлады. Изертлеўшилер тийкарғы итибарды Нептунның орбитасынан сыртта жайласқан объектлерге қаратты. Койпер поясының белгили денелериниң көпшилиги Қуяш әтирапында шама менен 38-50 астрономиялық бирлик аралықларда айланады. Бирақ айырым объектлер әдеўир созылған ҳәм қыялы орбиталар бойынша қозғалады. Олардың ишинде Седна айрықша ажыралып турады, ол Қуяштан жүзлеген астрономиялық бирликке узақласады. Моделлестириў Жер массасына ийе қосымша планета бундай объектлердиң бөлистирилиўин сезилерли дәрежеде өзгертиўи мүмкин екенлигин көрсетти. Оның гравитациясы үлкен емес денелерди Нептунның күшли тәсир етиў областынан алып шығыўға, олардың орбиталарының қыялығын үлкейтиўге ҳәм өзгешеликлери бақланып атырған объектлерге уқсас болған алыстағы объектлердиң топарларын пайда етиўге уқыплы. Ең сәйкес модельлер үлкен ярым көшери 350 ден 500 астрономиялық бирликке шекем болған созылған орбита бойынша қозғалатуғын еки Жер массасына тең планета бар екенлигин нәзерде тутады. Ҳәтте Қуяшқа ең жақын болған ноқатта да ол жулдыздан шама менен 200 астрономиялық бирлик аралықта жайласқан болар еди. Изертлеўшилер, сондай-ақ, альтернатив сценарийди тексерип көрди, онда дәслепки Қуяш системасында массасы Марс массасынан Жер массасына шекем болған қосымша планета денелери бар еди. Есаплаўлар бундай объектлер әдетте планеталық системадан бир неше миллион ямаса он миллион жыллар даўамында шығарылғанлығын ҳәм бүгинги күнде бақланып атырған узақ муз денелериниң тарқалыўын пайда етпегенлигин көрсетти. Усынылған “Planet X2” әдеўир массалырақ объекттиң бар екенлигин нәзерде тутатуғын белгили Тоғызыншы планета гипотезасынан парық қылады. Жаңа модель Нептунның туўрыдан-туўры гравитациялық тәсирине дерлик ушырамайтуғын күшли қыялы орбиталардың да, узақласқан денелердиң де тарқалыў өзгешеликлерин түсиндиреди. Соның менен бирге астрономиялық бақлаўлар менен толық сәйкес келиўди ҳәзирше алыў мүмкин емес. Атап айтқанда, базы транснептун объектлериниң орбиталары өлшемлериниң есап-санақларда бөлистирилиўи реал бақлаўлар нәтийжелеринен парық қылады. “Planet X2”ниң бар екенлиги де тастыйықланбаған: усы ўақытқа шекем бирде-бир телескоп бул планетаны анықламаған.
Гипотезаны тексерип көриўге Чилидеги Вера Рубин обсерваториясының жаңа бақлаўлары жәрдем береди. Оның аспан көриниси усы ўақытқа шекем белгисиз болған көплеген транснептун объектлерин ашыў, олардың орбиталарын анықлаў ҳәм алынған мағлыўматларды компьютер модельлериниң болжаўлары менен салыстырыў имканиятын береди. Егер ол ҳақыйқатында да бар болса, алыстағы планетаның тиккелей табылыўы да шәрт емес. Изертлеў “Monthly Notices of the Royal Astronomical Society” журналында басып шығарылған.