Өзбекстан U17 - Ямайка U17 - 6:2 (Абдураимов, 9, Садиржанов, 31, 47, 58, Эркинов, 79, Равшанбеков, 90+2 - Браун, 8, 25).
Бул ҳаққында ӨФА телеграм каналы хабар бермекте.
Жоқарыда айтып өтилгениндей, ямайкалы жигитлер биринши таймда еки рет есапты басып кетти. Дәслеп гол урған Кельвин Браун, арадан бир минут өтпей Лазиз Абдураимов есапты теңлестирген болса, көп өтпей Браун дубльге еристи ҳәм Сухроб Садиржанов гол урды.
Кийиниў бөлмесинде бас тренердиң жас футболшылар менен аўыр гүрриңлесиўи болыўы итимал. Нәтийжеде, екинши тайм басланыўы менен Садиржанов дублға ерисип, командамызды биринши мәрте алдынға алып шықты. 58-минутта Сухроб өзиниң үшинши голын урды. Амирхан Эркинов ҳәм Аҳрорбек Равшанбековтың голлары ямайкалылардың қарсылығын пүткиллей сындырды – 6:2.
3-турда жерлеслеримиз италиялы теңлеслерине қарсы гүрес алып барады. Жигитлеримизге әўмет! Алға, Өзбекстан!