Ойын медиа футбол қағыйдалары тийкарында өткериледи. Онда көркем өнер шеберлери, блогерлер, инфлюенсерлер ҳәм белгили футболшылар қатнасады.
Ушырасыўды өткериўден тийкарғы мақсет - ғалабалық спортты ғалаба ен жайдырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Өзбекстан сайланды командасы қурамында медиа тараўының белгили ўәкиллери - Ҳамдам Собиров, Mitti.me, Bek Vines, Azimchik Vines, Комил Беном ҳәм Бадриддин Ҳусниддиновлар қатнасады. Сондай-ақ, өзбек футболының әпсаналары - Одил Аҳмедов, Сервер Жепаров, Игнатий Нестеров, Анзур Исмоилов, Тимур Кападзе ҳәм Миржалол Қосимовлар да майданға шығады.
Сондай-ақ, Россия сайланды командасы да жулдызлы қурам менен қатнасады. Команда қурамында Михаил Литвин, Анар Абдуллаев, Филипп Воронин, Роман Павлюченко сыяқлы белгили футболшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ойнайды.
Тамашагөйлер ушын саат 16:00 ден баслап кеўил ашар шоу бағдарламасы шөлкемлестириледи. Ушырасыў алдынан Рухсораэмм, Адель, DJ King Maccarella, «Божалар» топары, Ҳамдам Собиров ҳәм "Беном" топарларының музыкалық шығыўлары болып өтеди.