Бүгин санлы технологиялар экономиканың барлық тараўлары қатарында саўда процесслерин де түп-тийкарынан өзгертип атыр. Әсиресе, маркетплейслер исбилерменлер ушын жаңа базарларға шығыў, өнимди кең аудиторияға усыныў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиўдиң нәтийжели қуралына айланбақта.
Маркетплейсти әпиўайы интернет-дүканнан ажырататуғын тәрепи сонда, ол өнимди таныстырыўдан баслап буйыртпа қабыл етиў, төлем, реклама, логистика ҳәм қарыйдарлар менен ислесиўге шекемги процесслерди бирден-бир санлы орталықта бирлестиреди.
Мәмлекетимизде де исбилерменликти қоллап-қуўатлаў сиясаты жаңа басқышқа көтерилип, бизнести шөлкемлестириў менен бирге оны раўажландырыў, капиталын көбейтиў, миллий брендлерди қәлиплестириў ҳәм сыртқы базарларға алып шығыўға айрықша итибар берилмекте. Бүгин жетекши халықаралық маркетплейслер менен ислеп атырған кәрханалардың саны 3,5 мыңға жеткени, 300 ден аслам миллий бренд қәлиплескени санлы саўданың экономикамыздағы әҳмийети артып баратырғанынан дәрек береди.
Жаңа базар - жаңа имканият
Дәстүрий саўдада исбилерменниң тийкарғы қарыйдарлары көбинесе жергиликли базар менен шекленеди. Санлы саўда болса бул шегараларды кеңейтип, өнимди басқа аймақлар ҳәм сырт ел базарларына алып шығыў имканиятын береди.
Соның ушын заманагөй исбилермен ушын "не ислеп шығараман?" деген сораў менен бирге "ким ушын ислеп шығараман?", "қайсы базарда сатаман?" ҳәм "қарыйдар нени қәдирлейди?" деген сораўлар да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бирақ дүнья базарына шығыў тек ғана өнимди интернетке жайластырыў менен шешилмейди. Сапа, стандарт ҳәм сертификат, заманагөй қадақлаў, бренд, санлы маркетинг, логистика ҳәм сервис бир пүтин система сыпатында ислеўи керек.
Усы мәнисте экспорттың заманагөй шынжырын сапалы өним - стандарт - бренд - санлы саўда - маркетплейс - логистика - төлем - сервис - қайта сатып алыў көринисинде көз алдымызға келтириў мүмкин.
Президентимиздиң усы жыл 18-август күни исбилерменлер менен ушырасыўында экспорт етиўши кәрханалардың бир бөлеги сырт ел қарыйдарын табыў, халықаралық стандарт ҳәм сертификатларға бейимлесиў, финанслық инструментлерден пайдаланыў, базар мәлимлемеси, маркетинг ҳәм брендинг мәселелеринде қыйыншылықларға дус келип атырғанын атап өткен. Соның ушын "Экспорт навигаторы" системасы, сыртқы базарларға бейимлестириў, стандартластырыў ҳәм миллий брендлерди алға қойыў бойынша жаңа механизмлер белгиленбекте.
Сырдәрьяда үлкен потенциал бар
Бул процесс Сырдәрья ўәлаяты исбилерменлери ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Ўәлаятта 10,6 мыңнан аслам белсенди исбилерменлик субъекти жумыс алып барып келмекте. Соннан 2,7 мыңға шамаласы санаат тараўындағы киши бизнес субъектлери, 220 дан асламы мәлимлеме ҳәм коммуникация, 600 ден асламы транспорт ҳәм қоймалаў тараўларына туўра келеди. Аймақта дерлик 500 өнермент де жумыс алып барады.
Бул көрсеткишлер артында үлкен экспорт потенциалы жәмленген. Санаат, азық-аўқат, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, өнерментшилик ҳәм басқа да өнимлерди санлы саўда майданларына алып шығыў жергиликли исбилерменлер ушын жаңа базарларды ашыўы мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта исбилерменлерди электрон саўда платформаларында онлайн дүкан ашыў, өним карточкаларын таярлаў, қарыйдар менен сөйлесиў, буйыртпа ҳәм төлемлерди қабыл етиў, жеткерип бериўди шөлкемлестириў бойынша оқытыў жумыслары да бул бағдардағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Өнимнен брендке
Жәҳән базарында бәсекилесиў ушын өним ислеп шығарыўдың өзи жетерли емес. Қарыйдардың исенимине ерисиў, өнимди бренд сыпатында қәлиплестириў ҳәм оның баҳасын арттырыў зәрүр.
Мәселен, шийки затты сатыў менен таяр, қадақланған, сертификатланған ҳәм брендленген өнимди экспорт етиў арасында үлкен парық бар. Екинши жағдайда өнимге дизайн, маркетинг, бренд ҳәм сервис қуни қосылады. Бул болса исбилермен дәраматының ҳәм мәмлекетте жаратылатуғын қосымша қундың артыўына хызмет етеди.
Усы көзқарастан, «Made in Uzbekistan» белгиси астындағы өнимлердиң сапасын арттырыў, миллий брендлерди халықаралық базарларда танытыў ҳәм санлы саўда каналларынан нәтийжели пайдаланыў стратегиялық әҳмийетке ийе.
Санлы саўда - жаңа экономикалық мәденият
Маркетплейслер исбилерменнен жаңа билим ҳәм көнликпелерди талап етеди. Өнимниң фотосүўрети, сыпатламасы, баҳасы, қадақланыўы, қарыйдар менен қарым-қатнас мәденияты ҳәм жеткерип бериў тезлиги енди саўданың әҳмийетли қурамлық бөлимине айланған.
Келешекте бул процессте жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў да кеңейеди. Талапты таллаў, өнимди үгит-нәсиятлаў, қарыйдарлардың талабын үйрениў, резерв ҳәм логистиканы басқарыўда санлы технологиялар исбилерменниң әҳмийетли жәрдемшисине айланыўы мүмкин. Мәмлекетимизде жасалма интеллектти бизнес процесслерине енгизиўди хошаметлеў бойынша да илажлар белгиленген.
Соның ушын санлы саўданы раўажландырыўды тек ғана технологиялық жаңаланыў емес, ал исбилерменлик мәдениятының жаңа басқышы сыпатында баҳалаў керек.
Жаңа басқыш - жаңа мәнис
Бүгин исбилерменликти раўажландырыўда тийкарғы ўазыйпа тек ғана көбирек өним ислеп шығарыў емес, ал ҳәр бир өнимде көбирек қосымша қун жаратыў болып есапланады.
Жергиликли өнимди сапалы ислеп шығарыў, оны брендлеў, санлы майданларда үгит-нәсиятлаў, маркетплейслер арқалы сатыў ҳәм халықаралық базарларға жеткериў - мине, усы мақсетке хызмет етеди.
Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, экспортты кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша белгилеп атырған ўазыйпалар да мине усы жаңа экономикалық қатнас пенен үнлес.
Демек, маркетплейслер - әпиўайы онлайн саўда майданы емес. Олар жергиликли исбилерменди жаңа қарыйдар менен байланыстыратуғын, миллий өнимди жәҳән базарына алып шығатуғын заманагөй санлы көпир болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, бул имканияттан нәтийжели пайдаланыў арқалы исбилерменликти әпиўайы саўдадан санлы экспортқа, өнимди миллий брендке, жергиликли ислеп шығарыўшыны болса жәҳән базарының белсене қатнасыўшысына айландырыў мүмкин.