Өзбекстан футбол ассоциациясының мәлим етиўинше, ушырасыў 17-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында болып өтеди. Ойын саат 20:30 да басланыўы режелестирилген.

12-ноябрь күни Фабио Каннаваро шәкиртлери Ташкенттеги "Пахтакор" стадионында Россия сайланды командасына қарсы да ойнайды.

Өзбекстан сайланды командасы соңғы ушырасыўда Қубла Кореяға 0:2 есабында жеңилген еди. Саудия Арабстаны болса 6-октябрь күни Персия қолтығы кубоги финалында Бирлескен Араб Әмирликлерин 2:0 есабында жеңип, жарыс жеңимпазына айланған.