Өзбекстанның бақлаўшы мәмлекет сыпатында Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўи избе-из кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми турақлы артып бармақта, логистика байланыслары беккемленбекте.

Мәмлекетимиз аўқамның саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны раўажландырыў, климат күн тәртиби сыяқлы әҳмийетли тармақ бағдарламаларында белсене қатнаспақта.

Евроазия экономикалық комиссиясы менен биргеликтеги жумысшы топардың төрт мәжилиси өткерилди. Техникалық жақтан тәртипке салыў системаларын жақынластырыў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

Өзбекстан Евроазия раўажланыў банкиниң толық ҳуқықлы ағзасы болды, бул банк пенен кооперациялық жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Жумысшы топардың гезектеги ушырасыўын жылдың ақырына шекем өткериўге келисип алынды. Саўда тосқынлықларын азайтыў, кооперацияны тереңлестириў, бажыхана ҳәм транспорт тәртип-қағыйдаларын санластырыўға қаратылған жаңа Бирге ислесиў режесин қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.