Онда ҳәзирги жәҳән чемпионы Гукеш Доммараджу, жәҳән шахмат тажы ушын талабан Жавоҳир Синдаров, FIDE президенти Тимур Турлов, сондай-ақ, халықаралық шахмат жәмийетшилиги ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сондай-ақ, баспасөз әнжуманында Өзбекстан шахмат федерациясы ўәкиллери Бобур Саттаров ҳәм Комил Синдаров қатнасты.
Ушырасыў даўамында шахмачылар беллесиўге таярлық көриў, болажақ беллесиўден нелер күтилип атырғаны ҳәм алдымызға қойған мақсетлер ҳаққында айтып өтти.
Жәҳән чемпионлығы ушын Жавоҳир Синдаров ҳәм Гукеш Доммараджу арасындағы ойынның биринши партиясы 24-ноябрь күни болып өтеди. Шек таслаў нәтийжелерине бола, өзбекстанлы шахматшы биринши партияны ақ фигуралар менен баслайды.