Япония Ишки ислер ҳәм коммуникациялар министрлигинде МКТ ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша кейинги қәдемлер додаланды, сондай-ақ, 2027-жылға мөлшерленген еки тәреплеме бирге ислесиўди институционалластырыў механизми келисип алынды.

Японияның жасалма интеллект тараўындағы жетекши илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў орайларынан бири болған Токио университети жанындағы Матцуо-Ивасава лабораториясы (Matsuo-Iwasawa Laboratory) менен өзбекстанлы студентлерди жасалма интеллектти раўажландырыў принциплери бойынша онлайн оқытыў ҳәм ЖИ маркетинг жәрдеминде стартапларды иске қосыў бойынша келисимге ерисилди. Япония тәрепи 2026-жылдан баслап Өзбекстаннан 80 ге шамалас студент онлайн билимлендириў бағдарламасына дизимнен өткенин атап өтип, тыңлаўшылардың санын және де арттырыўға қызығыўшылық билдирди.

Буннан тысқары, Японияның «Mitsui & Co.», «Highreso», «Value Soft Next Inc.», «Tokyo Asset Solution» ҳәм «WIT Inc.» компаниялары менен Өзбекстанда МКТ тараўында жаңа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Японияның IТ компанияларын «IT Park Uzbekistan» резидентлерине тартып, республикада IТ хызметлерин биргеликте ислеп шығыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы санлы технологиялар, МКТ, жасалма интеллект ҳәм санлы трансформацияға бағышланған «ResorTech Expo» халықаралық көргизбесинде, сондай-ақ, Япония ҳәм сырт ел IТ-компаниялары арасындағы исбилерменлик байланысларын раўажландырыўға қаратылған «Japan Information Technology Exchange Expo» илажында қатнасты.

Бул форумларда мәмлекетимиздиң артып баратырған технологиялық ҳәм инвестициялық потенциалы, миллий IТ тармағының раўажланыў пәти, экспорт имканиятлары, сырт елли технологиялық компаниялардың жумысы ушын жаратылған қолайлы екосистема таныстырылды.