Онда Өзбекстан делегациясы, Республикалық ҳәм Демократиялық партиялардан сенаторлар ҳәм конгрессменлер, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия бойынша кокуслардың жәрдемши баслықлары, Америка-Өзбекстан саўда палатасының басшылары, АҚШтың жетекши компаниялары, дипломатиялық ҳәм экспертлик жәмийетшилиги, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң илаж қатнасыўшыларына мүрәжатын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев оқып еситтирди. Онда мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың артқа қайтпайтуғынын атап өтип, АҚШ пенен стратегиялық шерикликтиң әҳмийетине итибар қаратты. Жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм тығыз сөйлесиў еки тәреплеме қатнасықларға жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.
С.Сафоев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған өзгерислердиң нәтийжелерине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. 2017-жылдан берли мәмлекетимиз экономикасы 3 есеге өскени, тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 150 миллиард доллардан артқанын атап өтти. Кәмбағаллық дәрежеси 2017-жылдағы 35 проценттен 3,9 процентке түсти.
Кейинги додалаў ўақтында қатнасыўшылар Өзбекстан - АҚШ қатнасықларының раўажланыўы стратегиялық мәплердиң уқсаслығына тийкарланып, АҚШта ҳәкимшиликлердиң өзгериўи ҳәм сайлаў дәўирлерине қарамастан, бирге ислесиўди избе-из кеңейтиў ушын тийкар жарататуғынын атап өтти.
Усы мәниде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов бүгин Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Дональд Трамп саўда, инвестиция ҳәм технологияларға тийкарғы әҳмийет қаратып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап атырғанын атап өтти.
Оның пикиринше, биргеликтеги өндирислерди алға қойыў ҳәм узақ мүддетли исбилерменлик байланысларын беккемлеў шерикликтиң беккем экономикалық тийкарын қәлиплестириў ҳәм он жыллар даўамында оның турақлылығын тәмийинлеў имканиятын береди.
"Өзбекстан бойынша Кокус"тың жәрдемши баслығы, конгрессмен Трент Келли Өзбекстан Республикасы Президентине АҚШ Конгрессинде Өзбекстан күни қатнасыўшыларына биринши мәрте жолланған мүрәжаты ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бәринен бурын, Өзбекстан басшысына - келешекке ҳақыйқый стратегиялық көзқарасқа ийе, қысқа ўақытта мәмлекетиңизди алдынғы қатарларға алып шыға алған уллы жетекшиге миннетдаршылық билдиремен, - деди ол.
"Кокус"тың Орайлық Азия бойынша жәрдемши баслығы, сенатор Стив Дэйнс те Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыўларды жоқары баҳалады.
Оның сөзлерине бола, "Өзбекстан кең көлемли жаңаланыў дәўирин басынан өткермекте, АҚШ пенен қатнасықлар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилди. Мәмлекет раўажланыўда ҳәм раўажланыўдың оғада қолай перспективаларына ийе. Егер сиз бүгин қайсыдур мәмлекеттиң акцияларын сатып алыўды режелестирсениз, онда таңлаўды Өзбекстанның пайдасына әмелге асырыўыңыз керек. Көптен берли Ташкентте болмағанларға бул жерге және бир мәрте барыўды қатаң усыныс етемен. Бүгин бул пүткиллей басқаша қала. Жаңа Ташкент көз алдымызда қурылмақта ҳәм бул әжайып мәмлекеттиң келешеги ҳаққында көп нәрседен дәрек береди".
2025 ҳәм 2026-жыллары Өзбекстанға келген конгрессвумен Кэрол Миллер мәмлекет пенен тиккелей танысыў әмелге асырылып атырған өзгерислердиң көлемин толық баҳалаў имканиятын беретуғынын мәлим етти. "Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы қатнасықлар ҳеш қашан буннан жақсы болмаған. Бул анық факт.
АҚШ исениўге болатуғын дослар излемекте. Өзбекстан да мине усындай дослардан бири", - деп жуўмақлады ол.
Америка - Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм санаат, авиация, энергетика ҳәм технологиялық тармақларда бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын атап өтти. Өзбекстан - АҚШ экономикалық байланыслары алдынғы дәўир менен салыстырылмайтуғын түпкиликли жаңа сапа дәрежесине көтерилгенин көрсеткен Самарқандта болып өткен бизнес-форумның әҳмийетин айрықша атап өтти. 2017-2025-жылларда Өзбекстанға АҚШтың 2,9 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестиция ҳәм кредитлери тартылғаны атап өтилди. - Биз Өзбекстанның диверсификацияланған, жедел раўажланып атырған экономиканы қурыўға умтылысын көрип турмыз.
Улыўма етип айтқанда, болып өткен илаж АҚШта Өзбекстанға болған жоқары дәрежедеги сиясий итибарды, АҚШ нызам шығарыўшылары ҳәм исбилермен топарларының еки тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириўден мәпдар екенин көрсетти.