Жойбар тийкарында көп тилли орталықта өсип киятырған балаларға заманагөй билимлендириў системасының талапларына исенимлирек бейимлесиўге жәрдемлесиўге умтылыў жатады. Оқыўды даўам еттириў ҳәм кәсип таңлаў ушын зәрүр болған академиялық билим, еркин пикирлеў, шет ҳәм ана тиллерин үйрениў, заманагөй технологиялар ҳәм әмелий көнликпелерди ийелеўге айрықша итибар қаратылмақта, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Платформа 5 жастан 18 жасқа шекемги балалар ҳәм жас өспиримлер ушын билимлендириў бағдарламаларын усынады. Сабақлар оқыўшылардың таярлық дәрежеси ҳәм мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда аралықтан, жеке тәртипте ямаса киши топарларда өткериледи. Оқытыўшылар ҳәм бағдарламалар ҳәр бир бала ушын өз алдына таңланады, ата-аналар болса сабақлардың өзлестирилиўин ҳәм нәтийжелерин бақлап барыўы мүмкин. АҚШ колледжлери ҳәм университетлерине оқыўға кириўге таярлық көриўге айрықша итибар қаратылады: бағдарламалар академиялық баъзаны беккемлеў, кириў сынақларына таярлық көриў ҳәм зәрүр көнликпелерди қәлиплестириўди өз ишине алады.

Тийкарын салыўшының атап өтиўинше, оқыўшылардың үлкен бөлегин АҚШта жасап атырған өзбек шаңарақларының перзентлери қурайды. Олар ушын сабақлар тек ғана қосымша таярлық сыпатында емес, ал ана тили ҳәм мәденияты менен байланысты сақлаған ҳалда Америка мектебинде исенимлирек жол баслаў усылы сыпатында да қызықлы.

Ўатанласлар бирлеспелери менен бирге ислесиў жойбарды раўажландырыў бағдарларынан бирине айланбақта. Филадельфия аймағындағы өзбек жәмийетшилиги ўәкиллери менен байланыслар жолға қойылмақта, АҚШтың басқа штатларындағы диаспора шөлкемлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары көрип шығылмақта.

Өзбекстанның Нью-Йорктағы Бас консуллығы платформаның АҚШтағы өзбек мәҳәллелери менен бирге ислесиўин кеңейтиўге ҳәм ўатанласларымыздың перзентлери ушын билимлендириў имканиятларын раўажландырыўға жәрдемлеседи. Бул консуллықтың ўатанласлар менен мәнзилли бирге ислесиў, олардың социаллық әҳмийетке ийе жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысына сәйкес келеди.

Бундай бирге ислесиў шаңарақларды бар бағдарламалар ҳаққында кеңирек хабардар етиў, олардың талапларын есапқа алыў, балаларды АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлерде оқыўға таярлаў ушын қосымша шараятлар жаратыў имканиятын береди.