Илаж Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық бөлими ҳәм Халықаралық юристлер комиссиясы (ICJ) менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Семинарда тийкарғы итибар ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўдың халықаралық-ҳуқықый механизмлерин үйрениўге қаратылды. Сондай-ақ, Өзбекстанның “CEDAW” Факультатив протоколына қосылыўының ҳуқықый ҳәм институционаллық тәреплери талланды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ўәкиллери ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.
Семинардың дәслепки күни “CEDAW” ҳәм оның Факультатив протоколының тийкарғы қағыйдалары және халықаралық механизмлерине бағышланды. Биринши сессияда Конвенцияның тийкарғы принциплери ҳәм ҳуқықый кепилликлери, кемситпеў принципи, гендер стереотиплерин сапластырыў ҳәм 5-статьяның мазмуны, сондай-ақ, жеке шахслар тәрепинен жүз берилетуғын кемситиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыўда мәмлекеттиң роли сыяқлы мәселелер көрип шығылды.
Екинши сессияда қатнасыўшылар “CEDAW” Комитетиниң дүзилиси, жумысы ҳәм қолланатуғын тәртип-қағыйдалары, Өзбекстанның есабат усыныў әмелияты ҳәм Комитеттиң Өзбекстан бойынша усыныслары ҳәм 2022-жылғы жуўмақлаўшы бақлаўлары менен танысты.
Үшинши сессия Факультатив протокол шеңбериндеги индивидуал мүрәжатлар механизмине бағышланды. Онда мүрәжатларды көрип шығыў тәртиби ҳәм қолланыў шәртлери, мүрәжатты усыныў, мақуллық критерияларын баҳалаў, мәмлекеттиң позициясын усыныў, Комитеттиң жуўмақлары ҳәм кейинги бақлаў процеси, сондай-ақ, халықаралық әмелияттан алынған мысаллар додаланды.
Семинардың екинши күни “CEDAW” Факультатив протоколына қосылыўға байланыслы ҳуқықый ҳәм институционаллық тәреплерди таллаўға бағышланды.
Төртинши сессияда индивидуал мүрәжатлар механизминиң мәмлекетлик институтлар ҳәм миллий ҳуқықый система менен өз-ара байланысы топарларда ислесиў ҳәм додалаў түринде көрип шығылды. Онда халықаралық мүрәжатлар механизминиң миллий нызамшылық, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм ҳуқықый қорғаў қураллары менен байланысы, халықаралық тәжирийбе тийкарында миллий ҳуқықый ҳәм институционаллық механизмлерди раўажландырыўға байланыслы қатнаслар додаланды.
Бесинши сессияда “CEDAW” Факультатив протоколын ратификациялаўға таярлық көриў бойынша кейинги қәдемлерге бағышланды. Қатнасыўшылар ратификациялаў имканиятларын үйренди, зәрүр қосымша мағлыўматлар ҳәм ҳуқықый таллаўларды анықлады, тийисли мәмлекетлик уйымлар, жуўапкер уйымлар ҳәм мәпдар тәреплер менен мәсләҳәтлесиўлерди шөлкемлестириў, таярлық шеңбериндеги илажлар және қосымша техникалық ҳәм эксперт жәрдеми талап етилетуғын бағдарларды белгилеп алды.
Илаж жуўмағында бул семинар ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўдың миллий системасын буннан былай да беккемлеўге, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға және Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық механизмлерин жетилистириўге қаратылғаны атап өтилди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы баспасөз хызмети.