Ҳәзирги ўақытта "Инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық пактлерге 60
жыл ҳәм Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларацияға 40 жыл: қәдир-қымбат, теңлик
ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы глобал шериклик" атамасында өткерилетуғын
бул абырайлы халықаралық форумға қызғын таярлық көрилмекте.
Кейинги 10 жылда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Жаңа
Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы ең әҳмийетли машқалаларға бағышланған
Самарқанд форумларын өткериў жақсы дәстүрге айланды. Мәмлекетимиз басшысының
мүрәжатларында, бәринен бурын, елимизде биринши мәрте 2018-жылы өткерилген
Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы дүнья әмелиятына өзине тән "Самарқанд
руўхы"н алып киргени тән алынғаны бийкарға емес.
Инсан ҳуқықлары
бойынша V Самарқанд форумы Өзбекстан Президентиниң 2026-жыл 16-февральда қабыл
етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў"
жылында тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм
"Өзбекстан-2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик
бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы шеңберинде шөлкемлестирилмекте.
Болажақ Форум
БМШтың 1966-жыл 16-декабрьде қабыл етилген еки тийкарғы ҳүжжети - Пуқаралық ҳәм
сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт ҳәм Экономикалық, социаллық ҳәм
мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакттың 60 жыллығына, Раўажланыў ҳуқықы
ҳаққындағы декларацияның 40 жыллығына, сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары бойынша
Өзбекстан Республикасы Миллий орайының 30 жыллығына бағышланады.
Форумның тийкарғы
идеясы - инсан қәдири, теңлик ҳәм турақлы раўажланыў жолында глобал бирге
ислесиўди беккемлеўден ибарат.
Самарқанд
форумының әҳмийетли юбилей сәнелери белгиленип атырған жылда өткерилиўи
Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларға избе-из
садықлығын ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша глобал қарым-қатнасты раўажландырыўға
әмелий үлес қосыўға умтылысын тастыйықлайды.
Инсан ҳуқықлары
бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайының
баспасөз хызмети.