Бул дәстүрий халықаралық илаж "Инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық пактлердиң 60 жыллығы ҳәм Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларацияның 40 жыллығы: инсан қәдири, теңлик ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы глобал шериклик" темасына бағышланған.

Форумда халықаралық, регионаллық, сырт ел ҳәм миллий шөлкемлердиң 200 ден аслам ўәкиллери офлайн ҳәм онлайн тәризде қатнаспақта. Атап айтқанда, 10 халықаралық шөлкем, 8 регионаллық шөлкем, сырт еллердиң инсан ҳуқықлары бойынша 8 миллий институты, инсан ҳуқықлары бойынша 30 дан аслам жетекши миллий ҳәм сырт ел экспертлери, изертлеў орайлары, пуқаралық жәмийети, ғалаба хабар қураллары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнаспақта.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов әнжуманның салтанатлы ашылыў мәресиминде шығып сөйлеп, инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумы қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм барлық мийманларға терең ҳәм шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Еки жылда бир мәрте дәстүрий өткерилип киятырған бул халықаралық конференция қысқа ўақыт ишинде дүнья көлеминде сийрек ушырасатуғын, инсан ҳуқықларының түрли тараўларына байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм нәтийжели шешимлер табыў ушын теңи-тайы жоқ, қолайлы ҳәм өзине тән пикирлесиў майданына айланғанына итибар қаратты.

Инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумы бул ийгиликли дәстүрдиң логикалық даўамы болып есапланады. Бул форумды өткериўдиң өзине тән тарийхый тийкарлары бар. Бәринен бурын, быйыл Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт ҳәм Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт қабыл етилгенине 60 жыл толды. Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларация қабыл етилгениниң 40 жыллығы белгиленди. Буннан тысқары, быйыл Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының шөлкемлестирилгенине 30 жыл толады.

Бүгинги күнде инсаният қыйын ҳәм өз-ара байланыслы глобал қәўип-қәтерлерге дус келмекте. Атап айтқанда, жасалма интеллект ҳәм жаңа санлы технологиялардың жедел раўажланыўы инсан өмири ушын үлкен имканиятлар менен бирге жаңа ҳуқықый ҳәм әдеп-икрамлылық қәўип-қәтерлерди де келтирип шығармақта.

Соның ушын инсан ҳуқықларын қорғаўдың универсал системасын заманагөй реаллықлар тийкарында жетилистириў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумының бағдарламасы әне усыған қаратылған.

Салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов, сондай-ақ, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы Сабине Махл шығып сөйледи.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрктиң қутлықлаўын Жоқарғы комиссардың Орайлық Азия бойынша басқармасының регионаллық бөлими ўәкили ўазыйпасын атқарыўшы Эннио Боати, Халықаралық Қызыл Крест комитетиниң Президенти Мирьяна Споляричти болса усы халықаралық шөлкемниң Орайлық Азиядағы регионаллық делегациясы басшысы Биляна Милошевич оқып еситтирди. Сондай-ақ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Бас директоры Тедрос Адханом Гебрейесус ҳәм ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Мария Телалянның видеомүрәжаты көрсетилди.

Бағдарламаға муўапық, Форумның биринши күни Ташкент қаласында 2 жалпы мәжилис ҳәм 7 параллель секциялық сессия өткериледи. Екинши күни Самарқанд қаласында Форумның жуўмақлаўшы жалпы мәжилиси болып өтеди, онда Форумның жуўмақлаўшы ҳүжжети додаланады ҳәм қабыл етиледи.

Форум Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен Сыртқы ислер министрлиги, сондай-ақ, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы, ЕҚБШ, Халықаралық Қызыл Крест комитети, Раўажланыў ҳәм әдиллик халықаралық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Қатнасыўшылардың географиясын есапқа алған ҳалда, инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумы 3 тилде, атап айтқанда, өзбек тилинде, сондай-ақ, БМШтың еки рәсмий тилинде - инглис ҳәм рус тиллеринде өткерилмекте. Форумның жумысы рәсмий мәлимлеме каналлары, ғалаба хабар қураллары, онлайн платформалар ҳәм социаллық тармақлар арқалы кеңнен сәўлелендирилмекте.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайының баспасөз хызмети.