Халықты дизимге алыў мәмлекет халқының демографиялық өзгешеликлери, социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм турмыс шараяты ҳаққында исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме мағлыўматларды қәлиплестириўдиң ең әҳмийетли дәреги болып есапланады. Халықтың билим дәрежеси, шаңарақлық жағдайы, миллий ҳәм тил қурамы ҳаққында толық ҳәм системаластырылған мағлыўматларды әйне жалпы хатлаўды өткериў арқалы алыў мүмкин.
Санақ мағлыўматларын талқылаўдың әҳмийетли принципи
Халықты дизимге алыўда "өзин-өзи белгилеў принципи" қолланылады. Халықаралық әмелиятқа муўапық, мағлыўматлар тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилмеген ҳалда, респондентлердиң өзлери берген жуўаплар тийкарында жазып алынады.
Онда пуқаралығы, турақлы дизимде турыўы, жеке турақ жайы ямаса белгили бир жасаў орнына ийе болыўына қарамастан, есапқа алыўдың белгиленген нормаларына жуўап беретуғын халық дизимге алынады. Усы мүнәсибет пенен дизимге алыў жуўмақлары бойынша алынған айырым көрсеткишлер ҳәкимшилик мағлыўматлардан өзгеше болыўы мүмкин. Бундай айырмашылықлар мәлимлемени қәлиплестириў дереклери, қамтып алыўы, есапқа алыў сәнеси ҳәм қолланылатуғын усыллардың өзгешеликлери менен байланыслы. Халықты дизимге алыў нәтийжелери әмелдеги есап-санақларды анықластырыў, мағлыўматлар көлемин кеңейтиў ҳәм мәмлекет халқы ҳаққында толық түсиникке ийе болыў имканиятын береди.
Халықты дизимге алыўдың тийкарғы жуўмақлары
2026-жылдың 15-январь жағдайына бола, Өзбекстанның турақлы халқының саны 39 047 321 адамды қурайды. Бул 2026-жылдың 1-январь жағдайына халық санының ағымдағы есабы мағлыўматларына салыстырғанда 810,6 мың адамға ямаса 2,1 процентке көп.
Олардың арасындағы айырмашылық туўылыў, өлим ҳәм миграция ҳаққындағы ҳәкимшилик мағлыўматлар тийкарында жоппалық дизимге алыў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда жүргизилген халықтың ағымдағы есабын анықластырыўға байланыслы. Халықтың 50,6% ин еркеклер, 49,4% ин ҳаяллар қурайды. Қалаларда 21 276,7 мың адам ямаса улыўма халықтың 54,5% и, аўыллық жерлерде 17 770,6 мың адам ямаса 45,5% и жасайды. Мийнетке жарамлы жастағы халықтың үлеси 55,7 процентти, мийнетке жарамлы жастан киши - 32,0 процентти, мийнетке жарамлы жастан жоқары - 12,3 процентти қурады.
15 жас ҳәм оннан жоқары жастағы халықтың 90,7 проценти улыўма билимлендириўдиң орташа көрсеткишинен төмен болмаған билимге ийе болған. Соның ишинде:
3 271,1 мың адам жоқары ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимге ийе болған;
орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў - 9 737,2 мың адам;
улыўма орта билимлендириў - 11 626,5 мың адам.
Аўыл хожалығын есапқа алыўдың тийкарғы жуўмақлары
Өзбекстанда биринши мәрте өткерилген жалпы аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелерине бола, аўыл хожалығына тийисли 7,6 млн есап бирлиги дизимге алынды. 2025-жылы олар тәрепинен пайдаланылып атырған жерлердиң улыўма майданы 42,5 миллион гектарды, бир жыллық егинлер майданы 4 213,5 мың гектарды, мийўели бағлар ҳәм жүзим атызларының майданы 613 мың гектарды қурады.
2026-жылдың 15-январь жағдайына бола, қара маллар саны 12 235,4 мың бас, қой-ешкилер саны 23 091,7 мың бас, қуслар саны 120 898,7 мың басты қурады.
Жаңаланған мағлыўматлар жер ҳәм егислик майданларын, шарўашылық көрсеткишлерин, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы жумысын және де толық баҳалаў имканиятын берди.
Санақ нәтийжелери миллий есапларда қалай көрсетилди?
Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитети 2017-2025-жыллар ушын жалпы ишки өнимниң жыллық ҳәм шереклик көрсеткишлерин қайта есаплады.
Есап-санақлар халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жаңаланған жыллық есабатлары, сондай-ақ, жетилистирилген статистикалық бақлаўлар тийкарында әмелге асырылды.
Есап-санақлар БМШ Миллий есаплар системасы стандартлары ҳәм халықаралық экспертлердиң усынысларына муўапық әмелге асырылды.
Қайта есаплаўдан мақсет экономикалық жумысты толық қамтып алыў, миллий есап бетлерине жаңа мағлыўматларды киргизиў ҳәм көрсеткишлердиң жыллар бойынша салыстырмалылығын тәмийинлеў еди.
Демек, жаңаланған нәтийжелер бир жыл ишинде қосымша халық, турақ жай ямаса ислеп шығарылған өним пайда болды, дегени емес. Олар алдын қәлиплестирилген баҳалардың жаңа ҳәм және де толық мағлыўматлар тийкарында анықластырылғанынан дәрек береди.
2025-жыл ушын жалпы ишки өнимниң жаңаланған баҳалаўы
2025-жыл ушын жалпы ишки өним көлеми ҳәзирги баҳаларда 1 849,7 триллион сумнан 2 126,8 триллион сумға шекем қайта көрип шығылды.
Өз-ара парық 277,1 триллион сум ямаса 15,0 процентти қурады. Соннан:
36,4 триллион сум болса халықты дизимге алыў нәтийжелерине туўра келеди;
80,4 триллион сум - аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери ушын;
160,3 трлн. сум - кәрхана ҳәм шөлкемлер бойынша жаңаланған статистикалық мағлыўматлар ушын.
Әҳмийетли тәрепи: номинал жалпы ишки өнимниң 15,0 процентке қайта көрип шығылыўы 2025-жылы қосымша реал экономикалық өсиў 15,0 процентке жетти, дегени емес.
Жаңаланған қатарда 2025-жылы жалпы ишки өнимниң реал өсиў пәти 7,8 процентти қураған болса, алдынғы баҳалаўда 7,7 процент болған. Аралық 0,1 процентлик пунктти қурады.
Санақ нәтийжелериниң экономикалық көрсеткишлерге тәсири
Халықты дизимге алыў нәтийжелерине бола, 2025-жыл ушын есап-санақларда пайдаланылған халықтың орташа жыллық саны 37,9 миллионнан 38,7 миллионға шекем анықластырылды.
Халықтың жан басына салыстырғанда номинал ЖИӨ 48,8 млн сумнан 55,0 млн сумға шекем анықластырылды.
Турақ жай фондының улыўма майданы 1 032 млн. кв. метр, бир адамға туўра келетуғын турақ жай майданы орташа 26,7 кв. метр етип қайта баҳаланды.
Аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери тийкарында егислик майданлары, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм шарўа малларының бас саны ҳаққындағы мағлыўматлар жаңаланды.
Нәтийжеде 2025-жылы аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 623,5 триллион сумға шекем қайта есап-санақ етилип, алдынғы есап-санақтан 84,6 триллион сум ямаса 15,7 процентке арттырылды.
Статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятлары кеңеймекте
Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитети “NarxStat” - баҳа статистикасы бойынша ашық мағлыўматлар платформасы – “narx.stat.uz”ды иске қосты. Платформаға тутыныў баҳалары ҳәм ислеп шығарыўшылар баҳаларының индекслери, аймақлар ҳәм районлар кесиминде азық-аўқат ҳәм жанылғы өнимлериниң ҳәптедеги орташа баҳалары, инфляция ҳәм тутыныў қәрежетлериниң калькуляторлары жайластырылған.
Буннан тысқары, қәўипсизлик талаплары тийкарында анонимлестирилген 46 микро мағлыўматлар топламы таярланды. Социаллық тараў, санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы ҳәм саўданы қамтып алған дәслепки 10 мағлыўматлар топламы Комитеттиң рәсмий веб-сайтына жайластырылады. Микро мағлыўматлар изертлеўшилер ҳәм аналитиклердиң социаллық-экономикалық процесслерди тереңирек үйрениў имканиятларын кеңейтеди.
Мағлыўматлар - қарар қабыл етиў ушын беккем тийкар
Санақ белгили бир ўақытта мәмлекеттиң демографиялық, социаллық ҳәм экономикалық көринисин сәўлелендиреди. Оның нәтийжелери демографиялық ҳәм социаллық сиясатты ислеп шығыў, аймақларды раўажландырыў, инфраструктураны режелестириў, азық-аўқат қәўипсизлигин баҳалаў ҳәм мәнзилли бағдарламаларды қәлиплестириўде әҳмийетли мәлимлеме дәреги болып есапланады.
Халықты дизимге алыўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери, методологиялық түсиниклер ҳәм аймақлар кесиминдеги толық мағлыўматлар басқышпа-басқыш Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң рәсмий мәлимлеме ресурсларында жәрияланып барылады.