Миллий бағдарламаларды әмелге асырыўдың тийкарғы мақсетлери:
билим ҳәм тәжирийбени раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў;
халықтың денсаўлығын ҳәм узақ жасаўын тәмийинлеў;
жоқары технологияларға ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған экономиканы раўажландырыў;
суў ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў;
судтың ғәрезсизлигин күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў;
мәҳәллени жәмийетти раўажландырыўдың тийкарғы буйыртпашысына айландырыў;
Өзбекстанның тынышлық, дослық ҳәм кеңпейиллик мәмлекети сыпатындағы абырайын арттырыў.
Билим ҳәм тәжирийбени раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў
6 жастағы балаларды мектепке шекемги таярлық топарлары менен толық қамтып алыў;
мәмлекетлик емес МШБШлерди шөлкемлестириў бойынша әмелдеги жеңилликлерди сақлап қалыў ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў;
барлық улыўма билим бериў мектеплерин халықаралық баҳалаў бағдарламалары менен басқышпа-басқыш қамтып алыў;
халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў ҳәм техникумларда жасларды жоқары дәраматлы кәсиплерге оқытыў;
кеминде 10 жоқары билимлендириў мәкемесин абырайлы халықаралық рейтинглердиң топ-1000 лығына киргизиў;
10 миллион жасты санлы санаат ҳәм келешек кәсиплерине тартыў;
санлы мәканда өзбек тилиниң илим ҳәм технологиялар тили сыпатындағы статусын беккемлеў.
Халықтың саламатлығын ҳәм узақ жасаўын тәмийинлеў
Халықтың денсаўлығын сақлаў ушын мәмлекетлик қәрежетлердиң жалпы ишки өнимге қатнасын 5 процентке жеткериў;
денсаўлықты сақлаў системасында профилактикаға тийкарланған денсаўлықты сақлаў моделине өтиў;
үй хожалықларының барлық шаңарақларын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы менен қамтып алыў;
қәнигелестирилген медициналық жәрдем тараўында бәсеки орталығын күшейтиў ушын дүньяның кеминде 5 абырайлы клиникасын тартыў;
медицина, фармацевтика, биотехнология ҳәм медициналық билимлендириўди комплексли раўажландырыў.
Жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған экономиканы раўажландырыў
Экономикаға 450 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестицияларын тартыў;
- жалпы ишки өним көлемин 300 миллиард долларға жеткериў;
санаатта 2 млн жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў;
стартаплар, венчур капитал ҳәм жасалма интеллектти тийкарғы бағдарға айландырыў;
киши бизнес субъектлерин орта кәрханаларға, орта кәрханаларды ири компания ҳәм корпорацияларға айландырыўдың бирден-бир экосистемасын қәлиплестириў;
Халықтың жан басына жалпы ишки өним көлемин 10 мың доллардан асырыў;
Суў ҳәм тәбиятқа қатнасты түп-тийкарынан өзгертиў
Суўғарылатуғын егислик майданларын суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алыўды 100 процентке жеткериў;
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў;
билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң әтирапындағы жасыл аймақларды, сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайларды жәмийеттиң қол қатылмас мүлки сыпатында қорғаў;
район ҳәм қалалардың орайларын көклемзарластырыў дәрежесин 30 процентке жеткериў.
Суд еркинлигин күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў;
Ҳуқықый тәрбия ҳәм ҳуқықый саўатлылықты улыўма билим бериў мектеплеринен баслап системалы түрде енгизиў;
пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый кепилликлерин күшейтиў;
кибержынаятшылық, нәшебентлик ҳәм адам саўдасының алдын алыў бойынша илажларды күшейтиў;
жасырын экономикаға қарсы гүресиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў;
ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының кемситилиўине қарсы гүресиўди күшейтиў.
Мәҳәллени жәмийеттиң тийкарғы буйыртпашысына айландырыў
Мәмлекетлик бағдарламаларды мәҳәллелердиң талап ҳәм мүтәжликлери тийкарында қәлиплестириў;
мәҳәллениң буйыртпасы тийкарында район (қала) лардың бюджети, инвестициялық бағдарламалар ҳәм инфраструктура жойбарларын ислеп шығыў;
мәҳәлле буйыртпалары бойынша 30 күн мүддетте тийкарланған қарар қабыл етиў тәртибин енгизиў.
Өзбекстанның тынышлық, дослық ҳәм кеңпейиллик мәмлекети сыпатындағы абырайын арттырыў;
Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти және де беккемлеў;
ашық, прагматикалық, көп қырлы, салмақлы ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясатты, соның ишинде, экономикалық дипломатияны избе-из даўам еттириў;
2027-2030-жыллары бул шөлкемге басшылық етиў шеңберинде Қосылмаў ҳәрекети жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған басламаларды алға қойыў;
Аўғанстан бойынша конструктивлик сиясатты избе-из даўам еттириў.
Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:
Миллий бағдарламалардың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери;
2027-2031-жылларда Миллий бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 11.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».