Пәрманға муўапық, волонтёрлық жумысын буннан былай да ғалаба ен жайдырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
халық, әсиресе, жасларда социаллық жуўапкершилик, тилеклеслик, өз-ара жәрдем ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин кеңнен қәлиплестириў;
социаллық қорғаўға мүтәж, жалғыз кекселер, майыплығы болған шахсларға бийғәрез жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў бойынша қайырқомлық илажларын өткериў ҳәм басқалар.
"Жақсылыққа қәдем" сүрени астындағы волонтёрлық жумысын улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў ҳәм волонтёрлық тараўында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде төмендегилер нәзерде тутылған:
волонтёрлардың қатнасыўында социаллық әҳмийетке ийе илажлар, жойбарлар ҳәм акциялар өткерилиўин шөлкемлестириў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, волонтёрларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў;
"Фидоий волонтёр" көкирек белгисин шөлкемлестириў;
5-декабрь - Халықаралық волонтёрлар күнин кеңнен белгилеў;
халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери қатнасыўында Азия волонтёрлар форумын турақлы өткерип барыў.
Студентлер ушын "Кәсиплик волонтёрлық" бағдарламасы әмелге асырылады
Пәрманға муўапық, халық, әсиресе, жаслар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлерге билим ҳәм көнликпелерди сиңдириў мақсетинде 2027-жылдан баслап:
волонтёрлық пенен шуғылланыў тилегиндеги жаслардың қатнасыўында "Service Learning" (социаллық хызметлер тийкарында оқытыў) бағдарламасы тийкарында қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў арқалы жасларда волонтёрлық көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған илажлар әмелге асырылады;
Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ҳәм техникум оқыўшылары ушын "Кәсиплик волонтёрлық" бағдарламасы әмелге асырылады. Бунда:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ҳәм техникум оқыўшылары ушын сабақтан тысқары ўақытта волонтёрлық топарлары қурамында волонтёрлық жумысын әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлейди;
студентлер өз қәлеўи бойынша оқыў бағдарына сәйкес болған волонтёрлық бағдарламаларында қатнасады.
2027-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе тәризинде "Инсан" социаллық хызметлер орайларының социаллық хызметкерлери лаўазымларына жумысқа қабыл етиўде талабанлардың маманлық талапларының көрсеткишлери бирдей болған жағдайларда волонтёрлық жумысы менен шуғылланыўшы талабанға үстинлик бериледи.