Өзбекстан Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов форумның ашылыўында шығып сөйлеген сөзинде Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң өз-ара исеним ҳәм дослыққа тийкарланған турақлы сөйлесиўи мәмлекетлеримиздиң көп қырлы, соның ишинде, медиа ҳәм коммуникациялар тараўындағы бирге ислесиўине жоқары пәт бағышлап атырғанын атап өтти.

Кейинги жылларда Өзбекстанның мәлимлеме мәканында кең көлемли өзгерислер жүз берди. Бүгинги күнде мәмлекетимиз ғалаба хабар қуралларының 67 проценти мәмлекетлик емес секторға туўра келмекте, интернетке кириў дәрежеси 94 процентке жеткен. Санлы контент ислеп шығарыў көлеми кеңейип бармақта, Орайлық Азияда биринши миллий медиабанк иске қосылды.

Соның менен бирге, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялардың жедел раўажланыўы профессионал жәмийетшилик алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Мәлимлемениң исенимлилиги, журналистлердиң жуўапкершилиги, фейк ҳәм жалған мағлыўматларға қарсы гүресиў мәселелери биринши орынға шығады.

Мәлимлеме ҳүжимлери ҳәм исенимсиз хабарлар мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында исенимсизлик ҳәм келиспеўшиликлерге себеп болмаўы керек. Керисинше, сөз ҳәм хабар өз-ара түсинисиў, ҳүрмет ҳәм дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етиўи керек.

Биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары ҳәм стажировкалар, фактчекинг тараўындағы бирге ислесиў, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет басқармалары арасындағы тиккелей кәсиплик байланысларды беккемлеў бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары қатарына киреди.

Форум жаңа идеялар, әмелий басламалар ҳәм биргеликтеги медиа жойбарлар ушын әҳмийетли майданға айланатуғынына исенемен, - деди Шерзод Асадов.