Ушырасыўды Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги директоры Муҳсинхўжа Абдураҳмонов ҳәм Швеция миграция агентлиги бас директорының орынбасары Анника Готтберг алып барды. Сөйлесиўлерде Өзбекстан Президенти Администрациясы, мәмлекет дипломатиялық миссиясы ҳәм Профессионал билимлендириў агентлигиниң ўәкиллери де қатнасты.

Өзбекстан тәрепи елимиздиң профессионал билимлендириў системасын таныстырып, республикамызда 643 техникум жумыс алып барып атырғанын, оларда дерлик 500 мың студент 350 ден аслам қәнигелик бойынша билим алып атырғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен швед жумыс бериўшилериниң талапларын есапқа алған ҳалда, жергиликли техникумлар негизинде қәнигелер таярлаў бойынша мақсетли бағдарламаларды шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул баслама талабанларды кәсипке оқытыў, швед тилин үйрениў, оқыў процесине швед қәнигелерин тартыў ҳәм әмелий көнликпелерди баҳалаўды нәзерде тутады. Сондай-ақ, Өзбекстанда швед тили бойынша тест орайын шөлкемлестириў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди.

Сөйлесиўлерде миграция ҳәм мобильлик тараўындағы бирге ислесиў бойынша 18 ай мүддетке мөлшерленген тәжирийбе-сынақ бағдарламасын иске қосыўға айрықша итибар қаратылды. Швеция тәрепи аралық нәтийжелерди баҳалаған ҳалда басламаны басқышпа-басқыш әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.

Швеция миграция агентлиги ўәкиллери сырт ел пуқараларын жумысқа жайластырыў миллий системасының өзине тән өзгешеликлери ҳаққында айтып берди. Атап айтқанда, қәнигелерди жумысқа қабыл етиў тийкарынан жумыс бериўшилердиң талапларынан келип шығып әмелге асырылады ҳәм олар жумысқа жайластырыў ҳаққындағы қарарды еркин қабыл етеди.

Швеция тәрепиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылы мәмлекетте 30 мыңға шамалас жумыс ислеў рухсатнамасы берилген. Ең талап жоқары болған бағдарлар қатарында мәлимлеме технологиялары, программалық тәмийнат, инженерлик ҳәм техникалық қәнигеликлер бар.

Буннан тысқары, тәреплер жумыс ислеўге руқсатнама алыў тәртип-қағыйдаларының ашық-айдынлығы, мигрантлардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыў ҳәм наҳақ дәлдалшыларға қарсы гүресиў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар тәжирийбе бағдарламасын әмелге асырыў, тийисли уйымлар арасында мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў ҳәм техникалық ушырасыўлар өткериўден мәпдар екенин тастыйықлады. Бирге ислесиўдиң кейинги бағдарлары жойбар басқарыў комитетиниң мәжилисинде көрип шығылыўы режелестирилген.

Басламаның әмелге асырылыўы Өзбекстан пуқараларының Швецияда нызамлы ҳәм қәўипсиз жумыс пенен бәнт болыўы, кәсиплик маманлығын арттырыўы ҳәм халықаралық тәжирийбе алыўы ушын қосымша имканиятлар жаратыўы күтилмекте.