Бүгин көринис түп-тийкарынан өзгерди. 2016-жылы елимизге 2 миллион сырт ел туристи келген болса, 2025-жылы 11,7 миллионға жетти. Сырт ел инвестициясының көлеми 2017-жылдағы 14 миллиард доллардан 2025-жылы 43,1 миллиард долларға жетти. Дүнья жүзи бүгин Өзбекстанға машқалалар мәмлекети емес, имканиятлар мәмлекети ҳәм теңдей шерик сыпатында қарамақта.
Бирақ бир сораў мени көптен берли ойландырып келеди: дүнья бизге басқаша қарай баслады, биз ше? Биз өзимизге қалай қараймыз?
Мәселе сонда, халықтың уллылығы халқының саны менен емес, ой-пикири менен өлшенеди. Миллионлап халқы бар халық та өзин киши сезиниўи, бес миллионлық халық болса дүньяға өз күн тәртибин усыныўы мүмкин. Илимде бул жағдай "киши халық психологиясы" деп аталады. Оның тамырлары, белгилери ҳәм еми жақсы үйренилген. Оларды билсек, өзгеристи тосыннан емес, саналы таңлаўға айландыра аламыз.
"Киши халық" деген не?
Бул түсиникти илимий айланысқа еки ойшыл алып кирген. Венгер философы Иштван Бибо 1946-жылы жазған "Шығыс Европа киши мәмлекетлериниң жарлылығы" шығармасында бир нызамлылықты көрсетти: узақ жыллар өз тиришилиги ушын қорқып жасаған халықларда сиясий мәденият бузылады. Бундай жәмийет ҳәрбир тартыста "жасап қалыў" мәселесин көреди ҳәм "тарийхый албыраўшылық" ҳалатына түседи.
Чех жазыўшысы Милан Кундера болса 1983-жылы ең белгили анықламаны берди: киши халық — бул бар екенлиги қәлеген ўақытта гүман астына алыныўы мүмкин болған ҳәм буны билетуғын халық.
Демек, гәп халық саны ҳаққында емес. Гәп халықтың өзине қалай қараўы, келешекке қалай исениўи ҳәм басқалар алдында өзин қалай тутыўы ҳаққында.
Психология бул жағдайдың механизмин де ашып берген. Америкалы алым Мартин Селигман 1967-жылы дәлилледи: узақ ўақыт жағдайды өзгерте алмаған жанзат кейин ала имканият пайда болғанда да урынып көрмейди. Илимпаз буны "үйретилген илажсызлық" деп атады. Басқа бир белгили психолог Альберт Бандура болса буның керисин көрсетеди: команда биргеликте мақсетке ерисе алыўына исенсе, көбирек ҳәрекет етеди ҳәм көбирек нәтийжеге ериседи. Бул исеним сөзден емес, киши, бирақ ҳақыйқый жеңислердиң тәжирийбесинен туўылады.
Бир сөз бенен айтқанда, пикирлеў тәғдир емес. Ол тәжирийбе арқалы қәлиплеседи ҳәм тәжирийбе арқалы өзгереди.
Биз неге узақ жыллар "уллы халық" болыўдан қорқып келдик?
Өзбекстан узақ жыллар даўамында уллы халық ой-пикирине өте алмады. Буның себеби халқымыздың қәбилетинде емес, тарийхында.
Әсирлер даўамында халқымыз бир неше мәмлекетке бөлинип жасады, узақ ўақыт болса өз тәғдирин өзи белгилеў имканиятынан айырылды. Әҳмийетли қарарлар басқа жерде қабыл етилетуғын, мийнетимиз ҳәм байлықларымыз басқалардың мүтәжлигине хызмет ететуғын еди. Миллет ағайинлериниң көбиси репрессия қурбаны болды, өтмиш пенен байланыс неше мәрте үзилди. Бундай сынақлар халық ядында терең из қалдырды.
Ғәрезсизликтен кейин де мәмлекет узақ ўақыт жабық қалды. Валюта еркин алмастырылмады, қоңсылар менен шегаралар жабық еди, инсан "прописка" деген мөр менен бир жерге байлап қойылған, қәўетерлениў ҳәм исенимсизлик үстин еди.
Сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқов жағдайды былайынша тәрийиплейди: "Өзбекстанның мәмлекет сыпатында миллий "ким"лигинен басқа ҳәммеси бар еди. Оның қәлби — өзлиги жоқ еди".
Бундай шараятта әўладтан әўладқа жеңис тәжирийбеси емес, "бизге ҳеш нәрсе байланыслы емес", деген сезим өтти. Селигман айтқан үйретилген илажсызлық тап усылай қәлиплеседи.
Бурылыс қалай басланды?
Бүгин болса бул психологиялық тутқынлық жағдайынан шығыў ушын барлық шараятлар бар. 2016-жылдан баслап Президентимиздиң басшылығында басланған реформалар халыққа ең әҳмийетли нәрсени — өзгерис мүмкин екенлиги идеясын берди.
2017-жылы адамларды бир жерге байлап қойған "прописка" системасы бийкар етилди. Бул әпиўайы ҳәкимшилик қарар емес еди — бул елдиң қәлеген жеринде жумыс ҳәм қоныс табыў, еркин инсан сыяқлы жасаў ҳуқықы еди. Усы жылы валюта еркин алмастырылатуғын болды, қонсылар менен жабық шегаралар ашылды. Кейин ала Қырғызстан менен шегара мәселеси үзил-кесил шешилди. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўлары жолға қойылды. 2023-жылы халық референдумда жаңа Конституцияны қабыл етти, "Өзбекстан — 2030" стратегиясы менен узақ мүддетли мақсетлер белгиленди. Халық қабыллаўханалары арқалы миллионлаған пуқаралар мәмлекет пенен тиккелей сөйлесе баслады.
Булар өзгерис сөзде емес, турмыста болып атырғанының дәлили. "Үйретилген илажсызлықтан" қутылыўдың бирден-бир даўасы да әне усындай идеяда жәмленген.
Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы мүнәсибети менен Президентимиз кейинги он жыллықты жаңа Өзбекстан ушын миллий раўажланыў дәўири деп жәриялады. Бул мазмуны жағынан уллы тарийхый мақсет болып табылады. Бирақ миллий раўажланыў тек экономикалық көрсеткишлер емес, ой-пикирдиң өзгериўи менен басланады.
Бизди бирлестиретуғын күш
Әлбетте, өтмиш излери еле сезилип турады. Гейде бүгинги жуўапкершиликтен қашып, тек ғана "биз ең әййемги халықпыз" деген мақтаныш пенен жубанамыз. Гейде табысты өз мийнетимизден емес, биреўдиң жәрдеминен күтемиз.
Бул иллетлерге қарсы бизде мың жыллық даўа бар. XIV әсирде жасаған уллы араб ойшылы Ибн Халдун "Кирисиў" шығармасында тарийхтың тийкарғы нызамлығын "нерв" деп атаған. Нерв — адамларды улыўма мақсет әтирапында бирлестиретуғын жәмәәтлик бирлик руўхы. Ибн Халдун көрсеткениндей, нерв күшли болған халықлар раўажланады. Ол ҳәлсиреп, ҳәр ким тек өз мәпин ойлай баслағанда болса ең қүдиретли мәмлекетлер де кризиске ушырайды.
Бизде нерв тамырлары терең: мәҳәлле, шембилик, мийрим-шәпәәт. 2020-жылы пандемия ҳәм Сардоба апатшылығы ўақтында пүткил халық бир шаңарақ болып жәрдемге атланды. Бул — нервтиң тири үлгиси.
Енди ўазыйпа — бул аўызбиршиликти туўысқанлық ҳәм мәҳәлле шеңберинен пүткил миллет дәрежесине алып шығыў. Бир аймақтағы қыйыншылықты пүткил мәмлекет өз дәрти деп билиўи Президентимиз алға қойып атырған "Өз" идеясының әмелий көриниси болып есапланады.
Не ушын Өзбекстан енди киши емес?
Бүгин мәмлекетимиз киши халық психологиясынан шығыў ушын тарийхый имканиятқа ийе. Буның бес тийкары бар.
Бириншиден, реформалар тәжирийбеси. Халық бир неше жыл ишинде өзгериўи мүмкин екенлигин өз көзи менен көрди. Бул — үйретилген илажсызлыққа қарсы ең күшли даўа.
Екиншиден, ашық-айдынлық. Мәмлекет дүньяға ашылды: шегаралар, валюта, туризм, қоңсылар менен қатнасықлар. Ашық жәмийет сыртқы дүньядан қорықпайды.
Үшиншиден, регионаллық роль. Президентимиздиң ашық ҳәм әмелий сыртқы сиясаты себепли Өзбекстан Орайлық Азия бирге ислесиўи басламаларының орайына айланды. Қоңсылар менен узақ жыллық машқалалар сөйлесиў арқалы шешилди. Бүгин сиясатшылар "Орайлық Азия руўхы" деген сөзди бийкарға тилге алмай атыр.
Төртиншиден, жаңа әўлад. Соңғы он жылда пүткиллей жаңа әўлад жетилисти. Бул жаслар ашық Өзбекстанда өсти, дүньяны көрди ҳәм өзин ҳеш кимнен кем сезбейди. Оқыўшыларымыз 2018-2025-жылларда халықаралық пән олимпиадаларында 596 медальды қолға киргизди, тек ғана 2025-жылдың өзинде 210 медаль, соннан 40 алтын. 2024-жылғы Париж Олимпиадасында спортшыларымыз 8 алтын медаль менен тарийхтағы ең жақсы нәтийжени көрсетти, футбол сайланды командамыз болса 2026-жылы тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатында қатнасты. Олар "биз де ислей аламыз", деген исенимди әмелде дәлиллемекте. Президентимиздиң айтқанындай: "Перзентлеримиз усындай қаҳарманларда өзин көрсин, өз күшине исенсин, өз елиниң келешегине байланыслылығын сезсин!"
Бесиншиден, халық — сан емес, жуўапкершилик. 40 миллионға шамалас халқы менен Өзбекстан — Орайлық Азиядағы ең үлкен халық. Регион халқының дерлик ярымы елимизде жасайды. Бирақ халықтың санының өзи күшти аңлатпайды: егер жаслар билимли, кәсип-өнерли ҳәм жумыс пенен бәнт болса, бул — үлкен байлық, болмаса — аўыр жүк. Қалаберди, регионның ең үлкен мәмлекети сыпатында биз қоңсыларға күш көрсетиў емес, үлги болыў арқалы жетекшилик етип атырмыз. Үлкен халық тек уллы ой-пикир менен бирге болғанда ғана күшке айланады.
Шәраят — топырақ, пикирлеў — туқым
Бирақ булар тек шәрт-шараятлар ғана. Пикир өз-өзинен өзгермейди — оны саналы түрде өзгертиў керек.
Тарийх буны көп мәртебе дәлиллеген. Жер асты байлықларына бай көплеген мәмлекетлер кәмбағаллықтан шыға алмады. Тәбийий ресурслары дерлик болмаған Япония, Қубла Корея ҳәм Сингапур болса бир әўлад ишинде дүнья жетекшилери қатарына кирди. Парық ресурста емес, пикирлеўде еди: бул халықлар өзлерин киши деп есаплаўдан бас тартты ҳәм саналы түрде жаңа қәдириятлар тәрбиялады — илимге ҳүрмет, мийнет интизамы, узақ мүддетли мақсет.
Ой-пикир мийрас болып қалмайды, ол ҳәр күни қайта тәрбияланады. Мектепте — балаға сораў бериў ҳәм қәте ислеў еркинлиги берилгенде. Шаңарақта — перзент "маған не?" деп емес, "мен қалай жәрдем бериўим мүмкин?" деп ойлаўға үйретилгенде. Ғалаба хабар қуралларында — тек ғана машқалалар емес, ал табысқа ерисиў тарийхлары да көрсетилгенде. Мәмлекетлик хызметте — пуқара менен теңдей шерик сыпатында сөйлескенде. Президентимиз кино дөретиўшилери менен ушырасыўда "Өз" идеясын "өзлигимизди аңлап, өз тарийхымызды өз даўысымыз бенен дүньяға айтыў" деп тәрийпледи. Уллы халықтың ой-пикири әне усы: өзиниң гүрриңин басқалар айтып бериўин күтпеў.
Шәраят — бул топырақ. Бирақ туқым себилмесе, ең өнимдар топырақта да ҳеш нәрсе өспейди. Бүгин Өзбекстанда топырақ таяр. Енди туқымды ҳәр биримиз өз қолымыз бенен себиўимиз керек.
Уллы халық ой-пикириниң бес принципи
Биринши принцип — қәтелерди тән алыў ҳәм оларды дүзетиў. Жаңа Өзбекстанның ең әҳмийетли жетискенликлерден бири — мәмлекет өз кемшиликлерин ашық тән ала баслағаны. 2016-жылы Президентимиз виртуал ҳәм халық қабыллаўханаларын шөлкемлестирип, мәмлекетлик уйымлар халықты тыңламай атырғанын ашық айтты. Миллионлаған мүрәжатлардың артында жасырынған машқалалар жүзеге шықты ҳәм шешиле баслады. Киши халық қәтесин жасырады, уллы халық қәтесинен сабақ алады — биз екинши жолдан кетпектемиз.
Екинши принцип — жуўапкершиликти өз мойнына алыў. Мәмлекет үлги көрсетти: Президентимиз алға қойған "халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек" принципи бүгин басқарыўдың тийкарына айланды. Енди нәўбет — ҳәр биримизде.
Уллы халық "Ким айыплы?" деп емес, "Мен не ислей аламан?" деп сораў береди. Жаңа Өзбекстан — тек ғана мәмлекеттиң емес, ҳәр биримиздиң жойбарымыз. Пара бермеў ҳәм алмаў, көшемизди таза тутыў, салықты ҳадал төлеў, перзентимизди илимге бағдарлаў, қоңсымыздың дәртине бийпәрўа қалмаў — уллы халық әйне усы киши қарарлардан туўылады.
Бул буйрық емес, ҳүждан шақырыўы. Ҳәр бир муғаллим, шыпакер, исбилермен, фермер ҳәм студент өз орнында өз жумысын ҳадал ҳәм жоқары дәрежеде орынласа, бул ең күшли реформа болады. Биз өзимизден басласақ, мәмлекет өзгереди.
Үшинши принцип — исеним шеңберин кеңейтиў. 2020-жылғы пандемия дәўиринде " Меҳир-мүриўбет ҳәм бирге ислесиў" улыўма халықлық ҳәрекети бийтаныс инсанларға жәрдем қолын созды. Исбилерменлик раўажланбақта — бул да исеним белгиси: адамлар енди тек туўысқаны емес, бирге ислесиўши менен бизнес қурмақта. Кейинги қәдем — исенимди бир-биримизге, нызамға ҳәм жәмийет институтларына болған мүнәсибетти жақсылаў арқалы және де беккемлеў.
Төртинши принцип — қоңсыларға сақыйлық. Бул принцип әллеқашан әмелде. Өзбекстан қоңсылар менен шегараларды ашты, Тәжикстан менен визасыз режимди тикледи, Қырғызстан менен шегара мәселесин үзил-кесил шешти. Аўғанстан пуқаралары ушын Термизде билимлендириў орайы ҳәм халықаралық логистика орайы иске қосылды. Орайлық Азия басшыларының турақлы мәсләҳәт ушырасыўлары әйне Президентимиздиң басламасы менен басланған. Уллы халық регионға биринши болып қол созады — Өзбекстан әйне соны ислемекте.
Бесинши принцип — узақ горизонт. Киши халық бүгинги өкиниш пенен жасайды, уллы халық бир неше әўладқа мөлшерленген стратегия менен. "Өзбекстан — 2030" стратегиясы ҳәм миллий раўажланыў дәўириниң жети миллий бағдарламасы мәмлекеттиң узақ мүддетли мақсетлерин ашық белгилеп берди. Енди бул пикир ҳәр бир шаңарақ, мәҳәлле ҳәм кәрханаға жетип барыўы керек: биз перзентлеримиз ушын емес, ақлықларымыз ушын қарар қабыл етиў мәдениятын қәлиплестириўимиз керек.
Жуўмақ орнында
Киши халық психологиясы — тарийх берген жарақат, бирақ ҳүким емес. Илим көрсетеди, халық санасы тәжирийбе, аўызбиршилик ҳәм исеним арқалы өзгереди.
Реформалар себепли Өзбекстанда бүгин буның ушын ҳәммеси бар: реформалар тәжирийбеси, ашық-айдынлық, региондағы жетекши орын, жаңа әўлад. Дүнья бизге теңдей шерик сыпатында қарамақта. Енди нәўбет — өзимиздиң өзимизге қараўымызда.
Уллы халық болыў ушын өзимизди уллы деп жәриялаў шәрт емес. Уллы халық сыяқлы ҳәрекет етиў жеткиликли: сынды еситиў, қәтени тән алыў, жуўапкершиликти өз мойнына алыў, қоңсыға сақый болыў ҳәм узақты көре билиў.
Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға жол ҳәр биримиздиң ой-пикиримизден басланады.
Бобур БЕКМУРОДОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
"Юксалиш" ҳәрекетиниң баслығы