Усы әҳмийетли илажлар шеңберинде АҚШ саўда министри Говард Латник, АҚШ Президентиниң арнаўлы жәрдемшиси Майкл Джеремай ҳәм Пентагонның Жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия бойынша қорғаныў сиясаты кураторы Майкл ДиМино менен сөйлесиўлер өткерилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны кеңейтиў перспективалары додаланды. Өз-ара саўданың унамлы пәти атап өтилди. 2025-жылы товар алмасыў биринши мәрте 1 миллиард доллардан асты, 2026-жылдың январь-сентябрь айларында болса 905 миллион долларға жетип, 20 процентке артты.

Бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде тәреплер улыўма баҳасы 35 миллиард долларлық 78 қоспа жойбарды әмелге асырмақта.

Буннан тысқары, Вашингтонда “KBR”, “Plug Power”, “DFC” ҳәм АҚШтың басқа да ири компанияларының басшылары менен әмелдеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды алға қойыў бойынша ушырасыўлар өткерилди.