Өз-ара саўда көрсеткишлери

Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы саўда-экономикалық байланыслар соңғы жылларда избе-из раўажланбақта. Еки мәмлекет арасында товар алмасыў көбеймекте, экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары кеңеймекте.

2017-2025-жыллары Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы товар алмасыў 14 есеге артып, 853,2 мың доллардан 12 миллион долларға жетти.

2025-жылы өз-ара саўда көлеми 2024-жылға салыстырғанда 2,5 есеге артты. Онда Өзбекстанның Иорданияға экспорты 5,6 миллион долларды, импорты болса 6,4 миллион долларды қураған.

Бундай динамика саўда байланысларының кеңейип атырғанынан дәрек береди. Соның менен бирге, саўда көлеминиң салыстырмалы аз екенлиги еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўды буннан былай да арттырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигинен дәрек береди.

Өз ара саўда дүзилиси

Өзбекстанның Иорданияға экспорт қурамына кондитер өнимлери, кепек, тоқымашылық өнимлери, мыс ҳәм оннан таярланған буйымлар киреди.

Атап айтқанда, Иордания базарына жеткерип берилип атырған азық-аўқат өнимлери арасында кондитер өнимлери ҳәм кептирилген мийўелер белгили орын ийелейди. Сондай-ақ, тоқымашылық ҳәм металлургия өнимлериниң саўдасын кеңейтиў имканиятлары бар.

Иорданиядан импорт етилетуғын тийкарғы категориялар фармацевтика өнимлери, химия санааты товарлары, машина ҳәм үскенелер, минерал төгинлер болып есапланады.

Еки мәмлекет арасында саўда байланысларын раўажландырыў, жеткерип берилип атырған өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм базарларға өз-ара кириў шараятларын жақсылаў мәселелери додаланбақта.

Инвестиция бирге ислесиўи

2026-жыл октябрь жағдайына бола, Өзбекстанда Иордания капиталының қатнасыўындағы 18 кәрхана жумыс алып бармақта.

Инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўда еки тәреплеме шәртнамалық-ҳуқықый баъзаны беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

2025-жыл август айында Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде 15 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды.

Атап айтқанда, инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў, Биргеликтеги комиссияны шөлкемлестириў ҳаққында келисимлерге қол қойылды, товарлар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ҳаққындағы дәслепки мағлыўматларды электрон алмасыў ҳаққында протокол қабыл етилди.

Қол қойылған ҳүжжетлер инвестиция, саўда, аўыл хожалығы, туризм, стандартластырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкар жаратты.

Фармацевтика, тоқымашылық ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы, геология, транспорт ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылмақта.

Транспорт ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиў

2026-жыл 1-июльден баслап Өзбекстан ҳәм Иордания арасында Оман - Ташкент жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылды.

“Royal Jordanian Airlines” авиакомпаниясы ҳәптесине еки мәрте пәрўаз әмелге асырады.

Турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылыўы исбилерменлик байланысларын кеңейтиў, туристлер ағымын көбейтиў ҳәм хызметлер тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.

Буннан тысқары, 2025-жылы биргеликтеги туризм бағдарламаларын ҳәм жаңа саяхат жөнелислерин ислеп шығыў имканиятын беретуғын туризм тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Бирге ислесиў перспективалары

Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында санаат кооперациясы, қоспа өндирис жойбарлары, фармацевтика, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика сыяқлы тараўлар белгилеп алынды.

Атап айтқанда, Иорданияның Жақын Шығыс мәмлекетлери менен саўда байланыслары Өзбекстан өнимлериниң жаңа базарларға шығыўы ушын қосымша имканиятлар жаратыўы мүмкин.

Еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң кейинги басқышында тийкарғы итибар ерисилген келисимлерди әмелий жойбарларға айландырыў, өз-ара саўданы кеңейтиў ҳәм биргеликтеги инвестициялық басламаларды әмелге асырыўға қаратылады.