Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы А.Абдуҳакимов ҳәм Қазақстан Республикасы экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри А.Куантыров қол қойды.

Меморандум аймақ ушын әҳмийетли экологиялық, илимий ҳәм тәбиятты қорғаў әҳмийетине ийе болған сайғақ (Saiga tatarica) популяциясын сақлап қалыў ҳәм турақлы тиклеў мәселелеринде еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған.

Тәреплер бир қатар тийкарғы бағдарларда, соның ишинде, сайғақлар саны ҳәм миграциясын биргеликте мониторинг етиў, илимий-техникалық мәлимлеме ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў, изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, браконьерлик ҳәм нызамсыз саўдаға қарсы гүресиў илажларын күшейтиў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.

Түрдиң тәбийғый жасаў орталығын сақлаў ҳәм тиклеў, трансшегаралық қорғалатуғын аймақлар ҳәм миграция коридорларын раўажландырыў, тәбийғый жайлаўлар ҳәм суў бассейнлерин тиклеўге айрықша итибар қаратылады.

Буннан тысқары, бурын жасап келген аймақларда сайықты реинтродукциялаў бағдарламаларын ислеп шығыў, далада изертлеўлер өткериў, популяцияларының жағдайын мониторинг етиў ҳәм оқытыў илажларын шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жумыслар нәзерде тутылған.

Ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы еки мәмлекеттиң илимий ҳәм әмелий потенциалын бирлестириў, тәбиятты қорғаў илажларын және де нәтийжели муўапықластырыўды тәмийинлеў ҳәм Орайлық Азияның биологиялық көп түрлилигин сақлап қалыўға үлес қосыў имканиятын береди.