"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 13-ноябрь күни Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы аймақларында айрым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар), айрым жерлерде күшли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Ташкентте: 14-15-ноябрь күнлери жаўын-шашын болмайды. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

Ҳаўаның температурасы түнде 2-4° жыллы, 14-15-ноябрьде 13-15° жыллы болады.