Ҳүжжет 21.04.2026-жылдағы "Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында басқарыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, жеке меншик сектордың қатнасын хошаметлеў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-150-санлы қарарға муўапық ислеп шығылған.

Реже мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик емес ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў мақсетинде таңлаў тийкарында грантлар бериў тәртибин белгилейди. Ҳүжжет:

буйыртпалар ҳәм жойбарларды көрип шығатуғын ҳәм грант жеңимпазларын анықлайтуғын таңлаў комиссиясын қәлиплестириў тәртиби;

таңлаўды өткериў тәртиби;

таңлаўда қатнасыўға қойылатуғын талаплар ҳәм қатнасыўшыларды таңлаўдан шығарыў;

жойбарларды баҳалаў ҳәм грант жеңимпазларын анықлаў нормалары;

грант қаржыларынан пайдаланыў ҳәм оларды қайтарыўды мониторинг етиў тәртиби;

апелляцияларды көрип шығыў тәртиби.

Таңлаў төмендеги бағдарлар бойынша өткериледи:

театр, цирк, музыка, аяқ ойын, материаллық емес мәдений мийрас, кино ҳәм анимация, сондай-ақ, мәдений билимлендириў тараўында;

әдебий шығармалар жаратыў, мәденият ҳәм социаллық бағдарлар тараўындағы инклюзивлик;

стартаплар ҳәм дөретиўшилик жойбарлар;

инновациялар, жасалма интеллект ҳәм санластырыў.

Таңлаўды шөлкемлестириў ушын «ERP culture» бирден-бир басқарыў системасы шеңберинде қосымша «madaniyatgrant.uz» платформасы жаратылды.

Грант қаржылары грант шәртнамасында көрсетилген банк есап бетине төмендеги тәртипте өткериледи:

биринши транш - грант келисиминиң дүзилген күнинен баслап 15 жумыс күни даўамында грант муғдарының 50 проценти муғдарында;

екинши ҳәм үшинши траншлар - грант шәртнамасында белгиленген басқышларда нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлерине ерисилгенинен ҳәм жумысшы уйым тәрепинен аралық есабатлар көрип шығылып, таңлаў комиссиясының қарары менен тастыйықланғанынан соң, ҳәр бири грант муғдарының 25 проценти муғдарында.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 12.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».