Мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўындағы абырайлы халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм лауреатлары мәмлекетлик бюджеттен төмендеги муғдарларда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:

Гран-при ҳәм 1-орын – абырайлы халықаралық таңлаў ушын 300 млн сум, республикалық таңлаў ушын 100 млн сум;

2-орын – абырайлы халықаралық таңлаўда 200 миллион сум, республикалық таңлаўда 50 миллион сум;

3-орын – абырайлы халықаралық таңлаўда 100 миллион сум, республикалық таңлаўда 25 миллион сум.

Сондай-ақ, бир жыл даўамында таңлаў жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлаған оқытыўшы ҳәм жыршының айлық мийнет ҳақысына 100 процент муғдарында мәмлекетлик бюджеттен сыйлық пулы төлениўи нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, абырайлы халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары (сыйлы орын ийелери) ҳәм олардың профессор-оқытыўшыларының таңлаўларда қатнасыўы менен байланыслы барлық қәрежетлер қаплап бериледи.

Улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқытыўшыларына оқыўшылардың саз әсбапларын қай дәрежеде ийелегенлигинен келип шығып, 20 процентке шекемги муғдарда айлық үстеме төленеди.

2027-жыл 1-январьдан баслап мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларында бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлар «ERP Culture» бирден-бир басқарыў системасының Миллий платформасына киргизиледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 12.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».