Режеге муўапық, техноген характердеги айрықша жағдайларға төмендегилер киреди:

транспорт авариялары ҳәм апатлары;

химиялық қәўипли ҳәм өрт-жарылыў қәўипли объектлердеги авариялар;

энергетика ҳәм коммуналлық хожалық системаларындағы авариялар;

имаратлар конструкцияларының тосаттан қулап түсиўи ҳәм басқалар.

Зыян көрген шахсларға жеткерилген зыян тийисли район (қала) ҳәкимлиги жанындағы Техноген характердеги айрықша жағдайлар нәтийжесинде халыққа жеткерилген зыянды қаплаў қорынан төмендеги жағдайларда төленеди:

айрықша жағдай жүзеге келиўинде айыпкер болған шахслар суд тәрепинен анықланғанға шекемги дәўирде;

айрықша жағдай жүзеге келиўинде айыплы деп табылған юридикалық шахслар ямаса олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен белгиленген мүддетте зыянды толық қаплаў мүмкин болмаған жағдайда.

Зыян көрген шахслар айрықша жағдай жүзеге келген күннен баслап 30 күн ишинде тийисли комиссияға белгиленген тәртипте арза усынады.

Бир мәртелик материаллық жәрдем айыплы деп табылған юридикалық шахслар ямаса олардың лаўазымлы шахслары есабынан комиссияның актине муўапық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарарлары тийкарында төмендеги шахсларға төленеди:

айрықша жағдай ақыбетинде қайтыс болған пуқаралардың шаңарақ ағзаларына (ҳаялы (күйеўи), перзентлери, ата-анасы ҳәм олардың қарамағындағы шахсларға) - ҳәр бир шаңарақ ағзасына тең үлеслерде БЕМның 500 есесине шекемги муғдарда;

айрықша жағдай ақыбетинде аўыр дене жарақатын алған пуқараларға - БЕМның 200 есесине шекем, орташа дәрежедеги дене жарақатын алғанларға - БЕМның 150 есесине шекем, жеңил дене жарақатын алғанларға - БЕМның 100 есесине шекем муғдарда.