Қарарға муўапық, жайлаўларды өзлестириў ҳәм шарўашылық тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде 2026-жыл 15-ноябрьден баслап АК "Халық банки" тәрепинен «Uzagrostar xolding»  компаниясы шөлкемлестириўшилигинде өз алдына "Бозатаў агростар" компаниясы шөлкемлестириледи.

"Бозатаў агростар" компаниясы шөл ҳәм жайлаў өсимликлериниң туқымларын гранулалаў ҳәм капсулалаў, оларды ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар) жәрдеминде егиў жумысларын әмелге асырады. Бунда:

10 дрон, оларды тасыў ушын арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм 2 гранулятор сатып алынады, қәнигелер дронларды басқарыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша арнаўлы курсларда оқытылады;

2030-жылдың ақырына шекем 100 мың гектар жайлаў майданына дронлар жәрдеминде шөл ҳәм жайлаў аймақларының шараятына бейимлескен қандим, черкез, шоган, балықкез, донашор, жуўсан, изен ҳәм басқа да өсимликлердиң туқымларын егиў тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл 1-январьдан 2023-жыл 15-апрельге шекемги болған дәўирде ашық электрон таңлаўлар арқалы ижараға берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ижарашыларына, егер усы участкалар бойынша қосымша төлемлердиң улыўма муғдары жер участкасының нормативлик баҳасының төрт есеси ямаса оннан көбирегин қураған болса:

усы төлемди 3 жыл даўамында процентсиз бөлип-бөлип, бир нормативлик баҳа муғдарында төлеўге рухсат бериледи.