Ушырасыўда усы жылдың 11-ноябрь күни өз ўазыйпасын атқарыўға кирисетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас хаткериниң алдында турған тийкарғы ўазыйпалар, Өзбекстан ҳәм шөлкем арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.
2027-жылы Өзбекстанда өткерилетуғын ТМШ саммитине пуқта таярлық көриў мәселелери де додаланды. Илажды жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм мазмунлы дәрежеде өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы Мирвоҳид Азимовты жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, оған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери лаўазымында табыслар ҳәм нәтийжели жумыс тиледи.