Климат өзгериўин мониторинг етиў, экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселерине шыдамлылықты арттырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
ЖМШ менен көп жыллық нәтийжели бирге ислесиў, соның ишинде, гидрометеорологиялық инфраструктураны модернизациялаў, ҳаўа-райын бақлаў ҳәм мағлыўматлар алмасыў системаларын жетилистириў мәселелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атмосфера мониторинги, қум ҳәм шаң боранларын болжаў, ҳаўа сапасын тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында климат күн тәртибиниң тийкарғы бағдарларында әмелий шерикликти кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таярлық билдирилди.