Аралды қутқарыў халықаралық қоры (АҚХҚ) Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен 1993-жылы шөлкемлестирилген. Өткен жыллар даўамында регион еллериниң нәтийжели бирге ислесиўи жолға қойылғаны ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде Қор Арал теңизи бассейни суў ресурсларын муўапықластырылған ҳалда басқарыўды тәмийинлеўге еристи.

Орайлық Азияда суў жетиспеўшилигин күшейтип атырған климат өзгериўи ҳәм суў тутыныўының артыўы шараятында фондтың орны ҳәм әҳмийети артып бармақта. 2027-2029-жылларда Өзбекстан Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық етеди.

Презентацияда усы дәўирде әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм гезектеги күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, суў ресурслары, экология ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў тараўларын қамтып алған 133 жойбар ислеп шығылған. Атап айтқанда, суў хожалығы объектлерин модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў, суў ресурсларын бөлистириў, есапқа алыў ҳәм мониторинг етиўдиң автоматластырылған системаларын енгизиў, гидрометеорологиялық мағлыўматларды мониторинг етиў, суў тасқынлары ҳәм қурғақшылықты прогнозлаў ҳәм ерте ескертиўдиң регионаллық санлы платформасын жаратыў, халықтың ишимлик суўы ҳәм санитариялық хызметлер менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў нәзерде тутылмақта.

Жойбарлардың улыўма баҳасы 3,3 миллиард долларды қурайды. Оларды қаржыландырыў Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жасыл климат қоры, Глобал экологиялық қор ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде нәзерде тутылмақта.

Президентимиз бул жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтип, келеси жыл ушын ҳәр айда әмелге асырылатуғын жумыслардың "жол картасы"н тастыйықлаў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырма берди. Жойбарларды әмелге асырыўға халықаралық экспертлер, профессор ҳәм илимпазларды, соның ишинде, сырт елдеги ўатанласларымызды да тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда Өзбекстанның АҚХҚға басшылығының тийкарғы бағдарлары да додаланды. Қор структурасын ҳәм оның шәртнамалық-ҳуқықый базасын буннан былай да жетилистириў, оның уйымларының ўәкилликлерин анық ажыратыў, Аўғанстан менен конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша әҳмийет бериледи. Қордың күн тәртибин Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары қарарлары менен үйлестириў мәселелери ҳәм басқа да бағдарлар дыққат орайында болады.

Қор жумысын илимий-аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мәселелери де айрықша көрип шығылды. "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университети оның басламаларын әмелге асырыўда илимий-аналитикалық платформа болады.

Усы мақсетте университет жумысын трансформациялаў нәзерде тутылған. Билимлендириў ҳәм изертлеў процесслерине жасалма интеллект технологияларын енгизиў жеделлестириледи, экологиялық тиклеў ҳәм суўды үнемлеў бағдарындағы изертлеўлер кеңейтиледи. Заманагөй талаплар тийкарында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратылады.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлери бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасы жаратылады, регион мәмлекетлериниң илимпазлары менен биргеликте шөллениўге қарсы гүресиў жойбарлары ислеп шығылады, инвестициялар ҳәм грантлар тартылады, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Аўғанстан ушын суў хожалығы бойынша бакалавриат ҳәм магистратура бағдарламалары жолға қойылады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылығы дәўиринде белгиленген илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге бир қатар тапсырмалар берди. Тараў министрликлери ҳәм уйымларының қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўин жеделлестириў, ўәлаят ҳәкимлериниң қатнасыўын тәмийинлеў, қоспа билимлендириў ҳәм изертлеў бағдарламалары арқалы регионда суў дипломатиясын жаңа басқышқа алып шығыў усылардың қатарына киреди.