Быйыл Өзбекстанда пахта терими мәўсими бираз әдеттегидей өтип атырған жоқ, деп ойлайман. Артықша шаўқым да, баҳаларға байланыслы наразылықлар да жоқ, процесс әпиўайы ҳәм тыныш өтип атырғандай. Әдетте пахта терими гүз айы басланыўы менен тийкарғы темаға айланатуғын еди. Бирақ бул сапары көпшилик мәўсим қашан басланып, қашан пахта терилип атырғанын абайламай да қалды. Жеке өзимнен бир неше адам "Пахта терилмекте ме, атызларға пахта егилген бе?" деп сорады.

Себеби бир жерде пахта терип атырған адамға көзимиз түспеди. Өз-ара сөйлесиўлерде де бул тема бойынша ҳеш қандай гәп-сөз жоқ. Қызық, есимди билгели пахта терими мәўсими биринши мәрте усылай өтип атыр. Басқа аўыл хожалығы өнимлери сыяқлы пахта егилди, писти, жыйналып атыр — негизинде мине усы әпиўайы жағдай ҳәм буның ушын пүткил халықты тынышсызландырмаса да болады екен!

Терим нәтийжелери болса күн сайын интернет тармақлары арқалы жәрияланып турыпты. Усы жылдың 20-октябринде елимизде дерлик 4,5 миллион тонна пахта терип алынып, бир ай өтпей-ақ белгиленген шәртнамалық көлемниң 99,98 проценти орынланғанын, арадан еки күн өтип бул нәтийже 100 проценттен артқанын көрип, "Қайылман-аў!" деп жиберген едим. Хабарды оқығанымда, сырт елде болғаным ушын ба, буннан мақтанып кеттим. Қасымда алпыстан асқан әжапам бар еди, дәрҳал бул ҳаққында оған айтқанымды билемен, "Бизде еле де пахта егиледи ме?", десе бола ма! Бир жағынан қуўандым, адамлар пахта теримин умытып та кететуғын күнлерде жасап атырғанымыз, бурынғыдай бул барлық мобилизацияланатуғын қара мийнеттен дийқаншылықтың бир бөлегине айланғаны жақсы нәтийже. Кейин әжапам қосымша етип, "Ҳәзир ҳеш ким теримге шықпайтуғын қусайды, бизиң дәўиримизде терим басланыўы менен атыздан бери келмейтуғын едик, оқыўды да қойып қоятуғын едик", деди. Гейде бир нәрселерден налып туратуғын әжапама дәрҳал "Әне көрдиңиз бе, бул елимиздеги өзгерислердиң тек ғана бир көриниси. Буны да бийкарлайсыз ба", деп қойған едим, "Яқ, бул шынында да үлкен өзгерис", деп мойынлады.

***

Арадан көп өтпей санлар және де үлкейди. Усы жылдың 4-ноябрь күни рекорд нәтийже — жаңа Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 5 миллион тоннадан аслам пахта қырманы қурылғаны жәрияланды. Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан дийқан ҳәм фермерлерин және барлық аўыл хожалығы хызметкерлерин усы жоқары нәтийже менен қутлықлады. "Әлбетте, сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз, мәртлигиңиз бенен қолға киргизилген бул тарийхый жеңис пүткил халқымыздың жеңиси. Бул — пахташылық тараўындағы жаңа Өзбекстанның әжайыбаты", деп тән алды Президентимиз өзиниң қутлықлаўында.

Дурыс, жаңа Өзбекстанда барлық тараўларда тарийхый нәтийжелер тез-тезден атап өтилип атырғанына үйренип қалдық. Бирақ пахта мәселеси басқаша. Бул жақын жылларға шекем ең аўыр ноқатларымыздан бири болып келген. Жыллар даўамында қара терге шығып пахта атызларында мийнет еткен өзбеклер зүрәәтти гектарына 30-40 центнерден асыра алмаған. Режени орынлайман деп, гүздиң басынан декабрьге шекем атыздан шықпаса да, қырманды зорға толтырған дийқан ҳәм фермерлер бүгин бир ай өтпей-ақ пахта өнимин артығы менен терип алғаны бизди және де ҳайран қалдырмақта. Көпшилиги гектарынан 70-80 центнер өним алды. Айырымлары өнимдарлықты 100 центнерден асырды.

Санларды және де анықластырыўымыз мүмкин. Быйылғы мәўсимде мәмлекетимиздеги 4 мыңнан аслам фермер пахта зүрәәтлилигин орташа 60-70 центнерден, 2,5 мыңы болса 80 центнерден асырған болса, мыңға шамалас фермер хожалығы ҳәм кластер 100 центнер ҳәм оннан да жоқары шекти ийелеген. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында Пахтакор районындағы Анарбай Эшматов ҳәм Жарқорған районындағы Улуғбек Супиев ҳәр гектар жерден 110 центнерден зүрәәт алғанын айрықша атап өтти. Басқа да көплеген алдыңғы фермерлердиң атын да атап өтти.

Әне усындай қаҳарманлар туўралы еситкениңде дәрҳал олардың сәўбетин алғың келеди. Ҳәммениң қатарында жер, суў, қуяш болған, ҳәмме сыяқлы тең шараятлардан пайдаланып атырған бул фермерлер қалайынша бундай жоқары өнимдарлыққа ерискенине қызықсындым. Пахта терими алдында-ақ көплеген фермерлеримиз 80 центнерден жоқары шекти гөзлеп атырғанын айтқан еди, бирақ зүрәәтти 110 центнерден арттырыў бираз үлкен нәтийже. Арадағы 20-30 центнер киши сан емес ҳәм бул фермердиң өзи ушын да күтилмеген нәтийже болса керек.

- Бәринен бурын, 5 миллион тонналық пахта өнимин елимиз турмысындағы оғада үлкен тарийхый нәтийже, — дейди Жиззақ ўәлаяты Пахтакор районындағы "Анвар А" фермер хожалығының басшысы Анарбай Эшматов. - Онда барлық дийқан, фермерлер, аўыл хожалығы тараўы ўәкиллериниң үлеси бар. Сорасаңыз, ҳәр бири гектарынан кеминде 70 центнерден зыят өним алды. Өзлеримиз де ғәллениң ҳәр гектарынан 80 центнер, пахтадан 110 центнерден аслам зүрәәт жыйнап алдық. 1997-жылдан берли фермерлик пенен шуғылланаман, бирақ ҳеш қашан бундай өнимдарлыққа ериспегенбиз. Быйыл ҳақыйқатында да зүрәәтлилик әдеўир жоқары болды.

Маған көбинесе "Қалайынша елимизде пахта ҳәм ғәлле зүрәәти бирден буншелли көбейди, қандай әжайып ўақыя жүз берди?" деп сорайды. Әсиресе, 110 центнерлик шекти ийелегенимизден кейин бундай сораўлар және де көбейди. Себеби сырттан қарағанда бир әжайып ўақыя жүз бергендей көринеди — 30-40 центнерден аспай жүрген фермерлер 100 центнерден жоқары зүрәәт алмақта.

Әлбетте, буның артында, бәринен бурын, мийнет бар. Бирақ мийнеттиң өзи менен жумыс питпейтуғынын мәмлекетимиздеги ҳақыйқый жағдай жыллар даўамында көрсеткен. Дийқаншылықты 1980-жылларда баслаған ўақтымда билеклери күшке толы нәўқыран 22 жасар жигит едим. Фермерликти баслағанымнан кейин де мийнет етип тынбайтуғын едим, бирақ күн-түн мийнет етип те пахтадан көби менен 30-35 центнер өним алатуғын едик. Сол 35 центнер қайда, ҳәзирги 70-100 центнер қайда?! Бул ҳаққында айтылса, биреўлерге ертектей, ал биреўлерге ерси түйиледи. Бирақ дерлик бир әсирден берли пахта жетистирип атырған өзбек халқы 2017-жылларға шекем пахта зүрәәтин 30-35 центнерден асыра алмағаны тарийхый факт емес пе?

Гейде бул нәтийжелердиң факторларын өзим де талқылайман. Бул әпиўайы сыр ямаса өз-өзинен болған әжайып нәрсе емес. Усы тараўдың адамы сыпатында айта аламан, бул нәтийжелер тийкарында елимиздиң аўыл хожалығында болып атырған исенимли ҳәм үлкен реформалар жатыр. Буны және де деталластырсақ, бир қатар әҳмийетли тәреплери айқын көзге тасланады. Яғный мәмлекет аўыл хожалығын жаңа басқышқа алып шығыўда ең үлкен итибар илим, алдынғы технологиялар ҳәм тармақ ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және оларға үлкен жеңилликлер бериўге қаратылды. Тараўда жыллар даўамында топланып келген ҳәр бир машқалаға анық шешимлер берилди. Исти раўажландырыўда ҳәр қандай имканияттан пайдаланыўымыз ушын кең жол ашылды.

Илим ҳаққында айтсаңыз, далада илимниң не кереги бар, дейтуғынлар табылады. Бир мысал, биз жыллар даўамында өзимиздиң жергиликли пахта сортларын өзимиз үйренген усылда егип келдик. Нәтийжеде қанша күтим берилсе де, үлкен өним алынбаған. Ҳәзир илим тийкарында жаратылып, атызда қолланылып атырған жаңа сортлар, егиў технологиялары өнимдарлықты арттырыўда тийкарғы фактор болмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бир неше жыл алдын Қытайға сапары даўамында олардағы пахта жетистириў технологиясын үйрениў, зүрәәтли егин сортларын алып келип, өзимизде жетистириў тапсырмасын берген еди. Соннан кейин көплеген фермер хожалықлары жаңа биотехнологиялық сортларды егиўди баслады ҳәм ҳақыйқатында да өнимдарлық жоқары екениниң гүўасы болдық. Бул сортлардың абзаллықларынан бири егиў технологиясында. Яғный бул сортлар 76 схемаға еки қатар екилмекте. Бунда нәл саны дәстүрий усылда егилген нәллерге салыстырғанда 3 есеге көп болады. Бул сортлар шақасыз, жапырақсыз өскени себепли, көбирек гөрек салыў имканиятын береди. Ғөрек көп болғаннан кейин өнимдарлық та артады. Пахтаны бул усылда егип кем болмадық, ҳәр 100 гектардан 14 гектар жерди үнемледик. Өнимдарлық та үлкен болды, буны нәтийжелер көрсетпекте. Тийкарғысы, пахтаның сырт ел сортлары жеримизге жақсы түсти, тәрбиялаў қолайлы екен. Өз ўақтында суўғарылып, тәрбияланса, күткенимизден де көбирек өним береди екен.

Суўғарыў процесслеринде тамшылатып суўғарыў сыяқлы алдынғы технологияларды кеңнен қолланып атырмыз. Әлбетте, булар үлкен қаржы турады, бурынғы шараят болғанда оларды сатып алыўға қәрежетимиз жетпейтуғын еди. Ҳәзир болса мәмлекеттиң өзи бул мәселеде бизди қоллап-қуўатлап, жеңиллетилген кредитлер, субсидия ҳәм лизинглер ажыратып атырғаны жоқары өнимдарлықтың және бир сыры. Жерди қазыў, сийреклестириў сыяқлы агротехникалық илажларға дерлик зәрүрлик қалмаған. Суў да, төгин де тамшылатып суўғарыў арқалы бериледи, жумысшы күши керек болмайды. Айырым фермерлердиң жер майданларында химиялық дәрилерди дронлар сеўип атыр. Пахта өнимимиздиң үлкен бөлегин болса терим машиналары терип атыр.

Ҳәзир фермер хожалығымызда онлаған техника бар. Гәп әпиўайы жумыс қураллары ҳаққында болып атырған жоқ, үлкен мәмлекетлердиң ең қымбат, заманагөй техникасын алып ислетип атырмыз. Быйылғы мәўсимде усы күнге шекем пахтадан 570 тонна зүрәәт алдық — бир килограмм да қолда терилмеди, ҳәммесин ең заманагөй пахта териў машиналарында жыйнап алдық. Алдынлары пахтаны қолда терип, декабрь айында да атызда теримде болатуғын едик. Қолларымыз қабарып, жаўын-шашынға қалып, қаншадан-қанша өним набыт болғаны кешегидей көз алдымызда. Егер алдынғы жағдай болғанда ҳәзирге шекем пахтаның ярымын да терип алмаған болар едик. Бүгин жоқары өнимли техника фермердиң жумысын аңсатластырып, пахтаны тез ҳәм сапалы терип алыўға хызмет етпекте. Бир айға жетпей-ақ районымыз да, ўәлаятымыз да пахтаны толық терип алды. Быйыл ўәлаятымызда 70 мың гектар майданда 400 мың тоннадан аслам пахта жетистирилди. Бул да фермерлеримиздиң оғада үлкен жеңиси, қалаберсе, мине усы нәтийжелерге ерисиўимиз ушын жаратып берилген шараят, имканиятлардың жемиси.

Усы жылдан фермерлерге және бир имканият жаратылды — кредит алмай спот шәртнамасы бойынша иследик. Бул механизмниң абзаллығы - өз пулыңызға өзиңиз ийелик етесиз, қәрежетлерди қадағалайсыз, ең қызығы, исленген қәрежеттиң 10 проценти фермерге мәмлекет тәрепинен субсидия түринде қайтарып бериледи. Пуллар өз ўақтында таслап берилмекте, фермер мийнетиниң рәҳәтин көрмекте, өз пулын алалмай сарсылып жүрмей атыр. Бул да бизди және де көбирек жумыс ислеўге, қосымша жумыс орынларын жаратыўға хошаметлейди.

Быйылғы өнимнен фермерлеримиз оғада қуўанышлы, кеўли толған. 5 миллион тонналық өним — бул дийқан ҳәм фермерлеримиздиң елимиздиң раўажланыўына қосқан мүнәсип үлеси деп есаплайман. Дәраматы да соған жараса болады. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында буған айрықша итибар берип, быйыл фермерлеримиз пахтадан 13-14 триллион сум сап пайда алыўы күтилип атырғанын атап өткени бийкарға емес. Алдынлары тек ғана пахта режеси ҳаққында сөз етилип, фермердиң мийнетиниң жемиси менен ҳеш кимниң иси болмайтуғын еди. Бүгин ҳәр қандай нәтийже артында инсан қәдири турғанын мине усындай киши детальларда сеземиз. Бүгин үлкен қырман артында, бәринен бурын, дийқан ҳәм фермерлеримиздиң дәраматы артыўы, адамлардың абаданлығы және де артыўы гөзленип атырғаны бизди және де қуўандырады".

***

Әжапам менен сәўбетимиз әдеўирге созылды. Пахта атызларында өткен балалығы (егер балалық десе болатуғын болса), пахта десе жалығып қалған ўақытлары, режени орынлаў ушын пахта арасына салып жиберилген таслар, бөрттирип көрсетилген санлар артындағы қыйсықлықлар, жаўын-шашында уйип пахта тергени, гейде ҳеш нәрсе қалмаған атызларда ғөреклердиң арасынан пахта излегени, ең ашынарлысы, буны әдеттеги жағдай деп қабыл етиўге мәжбүр болғанын айтып берди. Ҳәммесин күлип айтты, бирақ ишинен қандай да бир ашыў сезилип турды.

Мийнет пенен адам өлмейди, дейтуғын еди әжапам. Дурыс, пахта терген адамлар өлмегени мүмкин, бирақ азап-ақырет ҳәм ақыбетинде "өзбек иси" деген аўыр күнлерди алып келген пахта терими инсанлардың өмирин, балалығын, денсаўлығын урлағаны ҳақыйқат. Ашынарлысы, инсанлар мийнетине жараса ҳақы ала алмаған, керисинше, режени орынлай алмай қуры жалаға, үлкен саўдаларға түсип қалғанлар қанша. Гейде пахта теримин унамлы естеликлер менен еслейтуғынлар үлкенлер арасында табылады. Бирақ олардың ҳеш бири өз перзентин пахта атызына шығарыўды ҳасла қәлемейди.

Шығармасын да. Енди пахта теримин тек усылай еслейик. Негизинде бүгин дәрамат табыўды қәлегенлер де пахта теримине шыға алмай атыр. Себеби процесс дерлик толық механизацияластырылды, раўажланған мәмлекетлердеги сыяқлы бизде де енди пахтаны тек ғана терим машиналары жыйнап алмақта. Олардың ҳәр бири бир неше онлаған адамның орнын басады, үлкен ўақыт ҳәм қәрежетти үнемлейди.

Буннан он жыл бурын усылар ҳаққында айтылса, ҳеш ким исенбейтуғын еди, реформаларға гүман менен қарағанлар қанша. Мине, бүгин "Өзи бизде пахта терилмекте ме?" деп сорап атыр адамлар. Әсиресе, быйылғы нәтийжелер исленип атырған жумыслардың нәтийжесин айқын көрсетти. Адамларды жалпы түрде теримге тартпастан-ақ пахтадан бир неше есе жоқары өним алыў мүмкин екенлигин жаңа Өзбекстан тәжирийбеси пүткил дүньяға көрсете алды.

Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы