Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, быйыл мәмлекетимиз атызларынан 5 миллион тоннадан аслам пахта жыйнап алынған. Бул сан артында мыңлаған дийқан ҳәм механизаторлардың пидәкерлик мийнети, фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң аўыл хожалығын раўажландырыў, елимиздиң абаданлығын арттырыўға қаратылған ҳәрекетлери бар.
Жыйын-терим мапазының механизацияласыў дәрежеси айрықша итибарға ылайық. Быйылғы мәўсимде аймақларда бул көрсеткиш 61 проценттен 98,5 процентке шекем, мәмлекет бойынша орташа 76 процентти қураған. Атап айтқанда, Жиззақ ўәлаятында 98,5 процентке, Сырдәрьяда 94,2 процентке, Ташкентте 81,2 процентке жетти.
3 мыңға шамалас заманагөй пахта териў машиналары жәрдеминде жәми 3 миллион 515 мың 597 тонна пахта терилди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен аўыл хожалығын раўажландырыў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў, илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў нәтийжесинде бундай нәтийжелерге ерисилди.
Жыйын-терим мапазының табыслы өтиўинде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында пахта майданларында жыл даўамында өткерилген әмелий семинарлар, илимпазлардың илимий қолланбалары, усыныслары ҳәм жетискенликлериниң өндириске енгизилгени айрықша әҳмийетке ийе болды.
Заманагөй агротехнологиялар, алдынғы техника ҳәм илим жетискенликлериниң үйлесиўи пахташылықта жаңа имканиятларды ашады, мийнет өнимдарлығын арттырыў, зүрәәтти өз ўақтында жыйнап алыў ҳәм бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.
5 млн тоннадан аслам пахта тек ғана сан емес. Оның артында өзбек дийқанларының мийнети, халықтың дөретиўшилик потенциалы, илим ҳәм заманагөй технологиялардың имканиятлары бар.
Президентимиздиң Өзбекстан дийқанлары, фермерлери ҳәм аўыл хожалығының барлық хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында да аграр тараў ўәкиллериниң пидайы мийнети атап өтилген. Ғәрезсиз Өзбекстан өз тарийхында биринши мәрте пахташылықта бундай нәтийжеге ерискени айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы пахташылықты буннан былай да раўажландырыў ушын заманагөй көзқараслар ҳәм нәтийжели тәжирийбелерди енгизиў зәрүрлигин бир неше мәрте атап өткен еди. Бүгинги жетискенликлер реформалардың избе-из алып барылыўы ҳәм аграр тараўға қаратылып атырған итибардың нәтийжеси болды.