Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланып, оны буннан былай да кеңейтиўге келисип алынды.
Кейинги жылларда парламентлераралық байланыслар жаңа басқышқа көтерилгени, парламент делегацияларының өз-ара сапарлары турақлылыққа ийе екени жоқары баҳаланды. 2025-жыл декабрь айында Ташкент қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси регионаллық қарым-қатнасты раўажландырыў ушын әҳмийетли платформа сыпатында тән алынды.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекет басшылары дәрежесинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў механизмлерин додалаўды парламентлер басшыларының болажақ ушырасыўларының күн тәртибине киргизиў усыныс етилди.
Регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў да сөйлесиўдиң әҳмийетли бағдарына айланды. Атап айтқанда, жергиликли Кеңеслердиң депутатларын парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысына тартыў бойынша басламалар қоллап-қуўатланды.
Жасалма интеллект, әҳмийетли минераллар, санлы экономика ҳәм алдынғы технологиялар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.