Сапар шеңберинде Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери Чо Чон Шик, "Корея - Өзбекстан" бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарының баслығы Ким Гё Хин, сондай-ақ, бир қатар мәмлекетлик уйымлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм ири компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар өткериў режелестирилген.

Буннан тысқары, ушырасыўлар ўақтында еки мәмлекеттиң парламентлераралық бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў, саўда, экономика, инвестициялар, билимлендириў, мийнет ҳәм инновациялар тараўларындағы байланысларды кеңейтиў мәселелери, сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын додалаў нәзерде тутылған.