Пуқаралардан бири сабақлықлардың аўырлығынан шағым еткен — аўыр рюкзаклар балалардың денсаўлығына унамсыз тәсир етеди. Буннан тысқары, мектеп бағдарламасы бойынша сораўлар бар екенлигин айтты.

Билимлендириў министриниң атап өтиўинше, жаңа сабақлықлар алдынғылардан заманагөй мазмуны менен ажыралып турады ҳәм тәжирийбели педагоглар қатнасыўында экспертизадан өткерилмекте. Олардың салмағы ҳәм сапасы мәмлекетлик стандартлар тийкарында қадағалап барылады, айырым китаплар еки бөлимге ажыратылған.

Садир Жапаров мәмлекетимиз билимлендириў системасында еки жылдан берли реформа әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Ол мектеп сабақлықларын басып шығарыў ушын қосымша 8,5 млрд сом ажыратылғанын еслетип өтти, деп жазады «ru.sputnik.kg».

"Барлық мектеп оқыўшылары сабақлықларды бийпул алыўы керек, ата-аналар алдынғыдай өзлери сатып алмайтуғын болсын. Бес-алты жыл ишинде мәмлекет мектеп оқыўшыларын китап орнына планшет пенен тәмийинлеў нийетинде", — деди президент.