2027-жылдағы тийкарғы мақсетлер:
жалпы аймақлық өнимниң 108 процентке, санаат өниминиң 107 процентке, базар хызметлериниң 117 процентке, аўыл хожалығы өниминиң 105 процентке ҳәм қурылыс жумысларының 113 процентке өсиўи;
экспорт көлемин 550 миллион долларға арттырыў ҳәм улыўма инвестициялардың көлемин 2 есеге арттырып, 5 миллиард долларға жеткериў;
125 мың кем тәмийинленген шаңарақлардың 513 мың адамын жоқары дәраматлы жумыс орынларына жайластырыў;
"жасыл" энергияны жаратыў арқалы углерод кредитлерин экономикалық активлерге айландырыў;
аўыл хожалығы өндирисине мөлшерленген 17 мың гектар жерди экономикалық айланысқа киргизиў, сондай-ақ, шөл аймақларында 20 мың гектар жерде азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылдың ақырына шекем жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў.
Заманагөй массивлер қурыў ҳәм социаллық инфраструктураны жетилистириў;
Атап айтқанда, заманагөй көп квартиралы турақ жай, саўда ҳәм бизнес орайлары, мийманханалар, парклер, жасыл аймақлар, фонтанлар, спорт майданшалары, социаллық тәмийнат мәкемелери ҳәм басқа да объектлер, "ақыллы қала" шешимлерин қурыў режелестирилген.
Сондай-ақ, "15 минутлық қала" принципи тийкарында жәмийетлик транспортты енгизиўге шараят жаратылады.
Алдынғы архитектуралық шешимлер ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланған ҳалда, 270 гектар майданда 50 мың халыққа мөлшерленген "Нөкис сити"ди жойбарластырыў ҳәм қурыў Жаңа Ташкент тәжирийбеси тийкарында Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң жәрдеминде әмелге асырылады.
Оған бола, Нөкис қаласындағы «Нур» ҳәм «Елабад» мәҳәллелериндеги абаданластырыў, көклемзарластырыў, ири оңлаў ҳәм қурылыс жумысларына Ташкент қаласы бюджетиниң артығы менен орынланған бөлеги ҳәм Ташкент қаласын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 100 миллиард сум ажыратылады.
Халықты қыйнап киятырған машқалаларды жеделлик пенен шешиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў қоры қаржылары есабынан 2026-2027-жылларда Қарақалпақстан Республикасының социаллық инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.
Аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықты раўажландырыў
Ҳүжжетте азықлық жетистириў бойынша Египет тәжирийбесин 20 мың гектар шөл аймақларына енгизиў нәзерде тутылған. Онда Египеттен тийисли қәнигелер ҳәм технологиялар тартылып, жайлаўларды қайта тиклеў ушын ажыратылған Азия раўажланыў банкиниң кредит ҳәм грант қаржыларының тийисли бөлеги усы жойбарды қаржыландырыўға қаратылады.
Жайлаўларды тиклеў ҳәм шарўашылық жойбарларын әмелге асырыў ушын "Өзагростар" холдинги шөлкемлестириўшилигинде "Бозатаў Агростар" компаниясы шөлкемлестирилмекте. "Бозатаў Агростар" тәрепинен дронлар жәрдеминде шөплер ҳәм жайлаў егинлериниң туқымларын грануляциялаў, капсулалаў ҳәм егиў жумыслары әмелге асырылады.
"Жасыл санаат зонасы-интеллектуаллық экономика" үшмүйешлигин жаратыў;
Мәлимлеме технологиялары ҳәм логистика тараўында 20 мың жас оқытылып, бул бағдарда жаңа кәрхана ҳәм стартаплар иске қосылады.
Сондай-ақ, алыс аймақлардағы жасларды мәлимлеме технологиялары бойынша оқытыў ушын Қарақалпақстанға сырт елден кеминде 10 қәбилетли ўатанласымызды тартып, 1 мың 500 жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Арал теңизи аймағында 50 мың гектар майданда тоғайларды басқышпа-басқыш тиклеў жойбары басланады.
"Шийки зат - таяр өним - экспорт" шынжырын жаратыў
Қоңырат районындағы "Барсакелмес" дуз кәни аймағында шөлкемлестирилген дузды қайта ислеўге қәнигелестирилген "Қоңырат дуз аймағы" санаат зонасын басқарыў ушын Дуз ресурсларынан пайдаланыў дирекциясы шөлкемлестириледи.
Директораттың тийкарғы ўазыйпалары:
жер участкаларын электрон онлайн-аукционларға шығарыў, жойбарлардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў ҳәм қадағалаў, сондай-ақ, санаат зонасын басқарыўға байланыслы басқа да функцияларды орынлаў;
дуз кәнлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, дуз шийки заты қорларын баҳалаў ҳәм бирден-бир санлы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
дуз шийки затын қазып алыў районларында дуз кәнлерин тиклеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм таў-кән участкаларын басқышпа-басқыш рекултивациялаў ҳәм турақлы мониторинг жүргизиў;
жергиликли дуз ислеп шығарыўшыларға машқалаларды шешиўде жәрдемлесиў, соның ишинде, миллий бренд жаратыў ҳәм басламаларды алға қойыў.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».