Мәжилис даўамында регионаллық саўда-экономикалық бирге ислесиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылық, инвестициялар ҳәм экологиялық турақлылық мәселелери додаланды.
Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Президентиниң басламасы менен ислеп шығылған "Экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық мақсетлери-2035" ҳүжжети ҳәм Исламабад коммюникеси қабыл етилди.