Делегацияларға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев ҳәм Бахрейн Патшалығы сыртқы ислер министриниң орынбасары Абдулла бин Аҳмад Ал Халифа басшылық етти.

Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Буннан тысқары, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды, деп хабар бермекте ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.