Ушырасыў даўамында еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары арасындағы сиясий
мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги раундының нәтийжелери қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик
барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир
алысылды, сондай-ақ, болажақ илажлардың күн тәртиби додаланды, деп хабар
бермекте ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.