"Бундай жетискенликлер тийкарында көп жыллық илимий излениўлер, қәбилетли инженерлердиң мийнети ҳәм миллий технологияларды раўажландырыўға киргизилген инвестициялар тур. Түркияның бул бағдардағы тәжирийбеси Өзбекстан ушын да үлкен әмелий әҳмийетке ийе.

Қәнигелеримиз арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм технологиялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын имканиятлар бар екенин көремен", деди Саида Мирзиёева.