Саида Мирзиёеваның атап өтиўинше, бул билимлендириў мәкемелериндеги оқытыў усыллары ҳәм көзқараслары онда үлкен қызығыўшылық оятты. Бул жерде билимлендириўдиң сапасы, жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыў ҳәм оларда еркин пикирлеў көнликпесин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылған.

Оның атап өтиўинше, алдынғы тәжирийбелер Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын кең имканиятлар ашады.

Сапар даўамында билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, мектеп оқыўшылары, студентлер ҳәм педагоглар ушын жаңа имканиятлар жаратыў бойынша келисимге ерисилди.

Саида Мирзиёева билимлендириў тараўы Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дослық қатнасықлардың әҳмийетли бағдарларынан бири екенин атап өтти. Бул тараўдағы бирге ислесиў жаслардың билим алыўы, дүньяқарасын кеңейтиўи ҳәм еки халықтың бир-бирин және де жақыннан таныўына хызмет етеди.