Нызамға бола, қол қатылмаслық ҳәм иммунитет ҳуқықына ийе шахслар шеңбери, оларға ис жүргизиў тәртиби ҳәм усы ҳуқықлар бузылғаны ушын жуўапкершилик белгиленди. Бунда:

қол қатылмаслыққа ийе шахслар: Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары; инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман); балалар ҳуқықлары бойынша ўәкил; судьялар; прокурорлар, тергеўшилер ҳәм сорастырыўшылар; адвокатлар; Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары; Президентликке талабанлар (кандидат статусында болған дәўирде) ҳәм басқалар. Президент Администрациясының басқарыў хызметкерлери болса жумыстан босатылғаннан кейин бес жыл даўамында — Президент Администрациясында өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў менен байланыслы болмаған ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги ушын қол қатылмаслыққа ийе болады;

иммунитетке ийе шахслар: Өзбекстан Республикасы Президенти; Президент Администрациясының лаўазымлы шахслары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары; Президент Администрациясының басқарыў хызметкерлери — Президент Администрациясында өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў менен байланыслы қабыл еткен қарары, ислеген ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги бойынша. Парламент ағзалары болса даўыс бериў ҳәм пикир билдириў ушын иммунитетке ийе болады;

услап турыў қадаған етиледи: қол қатылмаслыққа ийе шахсты услап турыў ҳәм ҳуқықты қорғаўшы уйымға алып келиў мүмкин емес, ЖПКның 221-статьясы 1-бәнтинде нәзерде тутылған тийкарлар бойынша үш саатқа шекем услап турыў жағдайлары буған кирмейди;

жуўапкершиликке тартыў: қол қатылмаслыққа ийе шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў ушын тийисли палата, Президент ямаса басқа ўәкилликли уйымның разылығы талап етиледи. Мәселен, депутатлар ушын — тийисли палатаның, Президент Администрациясы басқарыў хызметкерлери ушын — Бас прокурордың усынысы тийкарында Президенттиң жазба разылығы;

дәлиллер: қол қатылмаслық ҳәм иммунитет талаплары бузылған ҳалда алынған дәлиллер қолайсыз деп табылады ҳәм ис материалларынан шығарып тасланады;

ҳәкимшилик жуўапкершилик: қол қатылмаслыққа ийе шахсларды суд тәртибинде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тек ғана Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң жаңа XXIII³-бабында белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Иммунитетке ийе шахсларға суд тәртибинде ҳәкимшилик жаза қолланылыўы мүмкин емес;

оператив-қыдырыў: қол қатылмаслыққа ийе шахсларға байланыслы телефон сөйлесиўлерин тыңлаў ҳәм хат-хабарларды бақлаў тек ғана суд қарары ямаса Бас прокурордың жазба рухсаты менен әмелге асырылады.

Қәўипсизлик ҳәм иммунитет ҳуқықларын бузыў ушын жынайый жуўапкершилик:

Конституция ямаса нызамға муўапық қол қатылмаслыққа ийе шахсты билип турып нызамға қайшы түрде услап турыў, мәжбүрий алып келиў ямаса оған қарата тергеў ҳәрекетлерин әмелге асырыў, сондай-ақ бундай ҳәрекетлерге буйрық ямаса тапсырма бериў:

- белгили ҳуқықтан айырыў менен үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки сол мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады;

- тәкирарланып, топар болып бир тилге келип, зорлық ислетип ямаса зорлық ислеў менен қорқытып, дәлиллерди қәлбекилестирип ямаса қамаққа алыў ямаса жынайый жуўапкершиликке тартыў арқалы исленген болса — бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Президент Администрациясы лаўазымлы шахслары ҳәм басқарыў хызметкерлериниң өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы қарарлар, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде жеткерилген зыянның орны Мәмлекетлик бюджет есабынан қапланады, оларға регресс ҳуқықы қолланылмайды.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.